СПОРТТЫҢ ФУТБОЛ ТҮРИНЕН ФАКУЛЬТЕТ БИРИНШИЛИГИ ӨТКЕРИЛДИ

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламалары шеңберинде нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде түрли спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Жақында Биология факультети студентлери арасында спорттың футбол түринен факультет курслар ортасында бириншилиги өткерилди.   Жарыста биринши ҳәм екинши курс студентелеринен дүзилген жәми 21 команда қатнасты.

Қызғын ҳәм өз-ара беллесиўлерге бай болған жарыста 1-курс студентлер арасында  1-«а» Дәрилик өсимликлер топары ҳәм 2-курс студентлер арасында 2-кешки тәлим биология топарлары жеңимпазлықты қолға киргизди.

Жеңимпаз командлар факультет кубоги, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.  

   

 

 

 

 

С.Қутлымуратова,

3-«б» Биология тәлим бағдары студенти. 

 

Пайдалы дереклер