«Қарақалпақстанның ең жаңа тарийхынының актуал машқалалары» атамасында Республикалық илимий-теориалық конференция өткерилетуғынлығын хабарлаймыз

 ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021- жыл 2- марттағы «Өзбекстан Республикасында 2021 жылда республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар жобасы хаққында»ғы 78-Ф-санлы Буйрығы тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети тәрепинен 2021 жыл 28-апрель күни «Қарақалпақстанның ең жаңа тарийхынының актуал машқалалары» атамасында Республикалық илимий-теориалық конференция өткерилетуғынлығын хабарлайды

 Мәселелер шеңбери:

1-секция. Қарақалпақстанныӊ еӊ жаӊа тарийхын үйрениўдиӊ актуал машқалары

2-секция. Қарақалпақстанныӊ еӊ жаӊа тарийхы тарийхтаныўшылығы

3-секция. Археология, этнография, мәденият ҳәм фольклор

 

Конференция материалларын қабыл етиў мүдети: 15-апрель, 2021- ж.

Конференцияда баянатлар алып барылатуғын тиллер: қарақалпақ, өзбек, рус, инглис.

Қатнасыў шартлери: Жоқары оқыў орынлары, илимий изертлеў институтлары ҳәм де басқа да тийисли тараў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, алымлары, докторантлары, студентлери ҳәм магистрантларын мирәт етемиз.

Баянатлар актуал илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелерин өз ишинде қамтыған ямаса зәрүр әмелий әҳмийетке ийе болыўы керек.

Конференция материаллары топламын баспадан шығарыў режелестирилген. Тезислер көлеми 3 беттен кем болмаўы 5 беттен аспаўы керек. Бир автордан бир баянат, соавторлықта – еки баянатқа шекем қабыл етиледи. Конференция материалларын баспадан шығарыў ушын төленетуғын төлем бир бети ушын: 20000 сум.

Баянат тексти А4 форматтағы ақ қағазға түсирилиўи керек. Қағаз бетиниң параметрлери: жоқары/төмени – 2,5 см, шеп тәрепи – 3,0 см, оң тәрепи – 1,5 см, интервал – 1,0. Баянат текстлери Word редакторында rtf, doc форматда, Тimes New Roman шрифти менен, 14 кегльде таярланылыўы керек. Барлық сноскалар квадрат қаўыс ишинде автордың фамилиясы ҳәм илимий мақаланың бети көрсетиледи: [Аскаров: 15]. Тезис ақырында пайдаланылған әдебиятлар дизими бериледи. Айтылған мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологик тәреплери бойынша автор жуўапкер.

Баянат текстиниң атамасы үлкен ҳәриплер менен, қағаз бетиниң жоқарғы орайына жазылады. Кейинги қатарда киши ҳәриплер менен автордың фамилиясы, аты, қала, мәмлекет, жумыс орны, e-mail көрсетиледи. Доклад, авторының аты ҳәм фамилиясының асты сызылады ҳәм инициалы көрсетилиўи тийис.

Жоқарыда көрсетилген талаплар сақланылмаған халда таярланған ҳәм белгиленген мүдеттен кешиктирилген материаллар қабыл етилмейди.

Клик системасы арқалы төлеў:

8600060908917413

Тoreniyazov Jalgas

.+998939201417

Манзил: 230105. Қарақалпақстан Республикасы. Нөкис қаласы, Алмазар көшеси,

 Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети. Тарийх факультети.

Шөлкемлестириўши комитет: Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы.

E.mail: aydinlar85@mail.ru

 

 

Пайдалы дереклер