Усы жылдың 24-март сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, химия илимлериниң докторы, профессор Қуўанышбай Ѳтениязовтың 80 жыллық юбилейине бағышланған илимий-теориялық конференция ҳәм еслеў кешеси болып ѳтти.
Еслеў кешеси «Сәлмен ата» қойымшылығында профессор Қ.Ѳтениязовтың қәбирин зыяратлаў, гүл шеңберлер қойыў менен басланды.

Соң университеттиң мәденият сарайында профессордың ѳмири ҳәм дѳретиўшилигине арналған кѳргизбени тамашалап, тарийхқа айланып үлгерген еслеўлер менен даўам етти.

Профессордың 80 жыллық юбилейине бағышланған «Карақалпақстан Республикасында химия ҳәм химиялық технология тараўлары раўажланыўының актуал мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференцияны Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлери докторы, профессор Реймов Ахмед Мамбеткаримович кирис сѳзи менен ашып берди.
-Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, химия илимлериниң докторы, профессор Қуўанышбай Ѳтениязов ѳзиниң саналы ѳмирин илимге бағышлаған кѳрнекли тулға. Ҳақыйқатында оның исими илим дүньясында ѳзине тән ѳзгешелиги, уллы инсаныйлық пазыйлетлери менен пүткил халқымыз қәлбинде, қалаберди университет дәргайында оқып илим алған неше дүркин әўладлар қәлбинде мѳрленип қалды десек орынлы болады, деп атап ѳтти университет ректоры.
Илимий-теориялық конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сѳйледи.
Буннан соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети кафедра баслығы, физика-математика илимлери докторы, профессор Қанатбай Исмайлов, академик Азимбой Садуллаев ҳәм Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими бас илимий хаткери, химия илимлери докторы, үлкен илимий хызметкер Шарибай Туремуратовлар баянат жасап, илимпаздың ѳмири ҳәм илимий-педагогикалық мийнет жолы ҳаққында тоқтап ѳтти.
Ѳмир жолы кѳпке ѳрнек инсан ҳаққында сѳз етиў, оның исмин улығлаў адамгершиликтиң ҳақыйқый кѳриниси десек, илимий теориялық конференцияда профессор Қ.Ѳтениязов ҳаққында мазмунлы пикирлер менен еске түсириўлер узақ даўам етти.
Ташкент мәмлекетлик техника университети ректоры, профессор Туробжонов Садритдин Махаматдинович, ТАТУ профессоры Қосимов Содиқ Сабирович, Үргениш мәмлекетлик университети ректоры, профессор Абдуллаев Бахром Исмайлович, Қарақалпақстан медицина институты ректоры, сенатор, профессор Атаниязова Орал Аминовна сѳзге шығып, илимпаздың адамгершиликке толы ѳмир жолы ҳәм илимий изленислерине жоқары баҳа берди.
-Қарақалпақстанда илимниң раўажланыўында, илимий кадрлар таярлаўда, университеттиң орайлық ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары менен байланысын кеңейтиўде, халық хожалығына зәрүр, әсиресе, бүгинги күн ушын да әҳмийети жоқары болған жаңа тәлим бағдарларының (қәнигеликлердиң) ашылыўы профессор Қ.Ѳтениязовтың исми менен байланыслы. Сондай-ақ, университеттиң материаллық-техникалық базасының беккемлениўинде, илимий жумыслардың нәтийжелилигиниң артып барыўында, докторантура, аспирантура, магистратуралардың ашылыўында, компьютер ҳәм интернет тармақларының орнатылыўында, талантлы ҳәм зийрек жасларымыздың сырт еллерде билим алыўына мүмкиншиликлер жаратып бериўде профессор Қ.Ѳтениязовтың аянбай ислеген хызметлерин кѳпшилик жақсы биледи деп атап ѳтти шығып сѳйлеўшилер.
Илимпаз ѳмири мәнгилик, ол жақсылық жолын илимниң зер сабағы менен нағыслап кеткен илим адамы. Сонлықтан да дәўир ѳткен сайын сол салып кеткен соқпағы айдын жоллар менен тутаса береди.
ҚМУ Баспасѳз хызмети.