Усы жыдың 25-март күни Экономика факультетинде жумыс бериўши Акционерлик Коммерциялық «Алоқабанк» Қарақалпақстан филиалы хызметкерлери ҳәм «Финанс» ҳәм «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» тәлим бағдарлары 4-курс студентлери арасында сәўбетлесиў болып өтти. Сәўбетти АК «Алоқабанки» Қарақалпақстан филиалы хызметкерлеринен АК «Алоқабанк» КК филиалы баслығы орынбасары Улығбек Мырзанов, АК «Алоқабанк» КК филиалы валюта бөлими баслығы Хияч Қобланов, АК «Алоқабанк» КК филиалы банк тәўекелшилиги бөлими бас қәнигеси Аралбай Алламуратов ҳәм АК «Алоқабанк» КК филиалы қәнигелер менен ислесиў бас қәнигеси Гулсара Тәженовалар өткерди.
Сәўбетлесиўдиң мақсети студентлерди АК «Алоқабанк» КК филиалына әмелият дәўиринде практикаға алып барып, студентлердиң тәжрийбесин арттырыў ҳәм студент жасларды жумыс пенен тәмийинлеўден ибарат болды.
Экономика факультети декан орынбасары: Қаржаўбай Нурманов