Дыққат таңлаў!!!

       «Реформалар билимданы» кең тармақлы республика илимий-ағартыўшылық таңлаўы өткериледи

        Университет педагог хызметкерлери ҳәм студентлер-жаслары арасында «Реформалар билимданы» кең тармақлы республика илимий-ағартыўшылық таңлаўы өткериледи. Таңлаўда төмендегише тәртипте қатнасыўға болады.

Студентлер арасында: «Ең белсенди реформалар үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы.

Педагог хызметкерлер арасында:

«Ең белсенди миллий идея ҳәм мәнаўият үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы;

«Руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша ең жақсы кафедра» номинациясы;

«Ең жақсы топар кураторы» номинациясы;

«Ең белсенди ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы» номинациясы;

  Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер  арзалары усы жылдың    15-апрельден 15-майға шекем қабыл етиледи. Бунда қатнасыўшылар өз арзаларын факультетлериндеги жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўи тийис.

  Таңлаў ҳақкында толық мағлыўматларды кейинги қосымшада билип алсаныз болады.

 

«Реформалар билимданы» кең тармақлы республика илимий-ағартыўшылық таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы

             

 

              РЕЖЕ

  1. Улыўма қағыйдалар
  2. Бул Реже жоқары оқыў орынлары педагог хызметкерлери, студентлер ортасында «Реформалар билимданы» кең тармақлы республика илимий-ағартыўшылық көрик-таңлаўын (кейинги орынларда – «Көрик-таңлаў» деп жүргизиледи) өткериў тәртибин белгилейди.
  3. Бул көрик-таңлаў «Өзбекстан Респбликасы Президентиниң «Тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында» 2020-жыл 6-ноябрьдеги ПҚ – 4884 –санлы қарарының қосымшасы менен тастыйықланған «Тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын және де жетилистириўге қаратылған ис-илажлар бағдарламасы»ның 22-пунктинде белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыўға бағдарланған.
  4. Көрик-таңлаў төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

«Ең белсенди миллий идея ҳәм мәнеўият үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы;

«Руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша ең жақсы кафедра» номинациясы;

«Ең жақсы топар кураторы» номинациясы;

«Ең белсенди ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы» номинациясы;

«Ең белсенди реформалар үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы.

  1. Көрик-таңлаўды жоқары сапада өткериў ушын Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, қарамағында жоқары оқыў орынлары бар болған министрлик ҳәм мәкемелер ҳәм де жоқары оқыў орынлары жуўапкер шөлкемлер етип белгиленеди.

 

  1. II. Көрик-таңлаўдың мақсет ҳәм ўазыйпалары

 

  1. Педагог хызметкерлер ҳәм студент-жасларды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-сиясий, экономикалық реформалар ҳаққында хабардар етип барыў, оқыў орны искерлигиниң ашықлығы ҳәм әшкаралығын, информация еркинлигин тәмийинлеўдей демократиялық реформаларды терең үйрениў, сондай-ақ, олар санасында жаңаланып атырған Өзбекстанда үшинши Ренессанстың тырнағы қаланғанлығына социаллық мүнәсибетти ҳәм де журт тынышлығы, ўатан раўажлыныўын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған мисли көрилмеген жетискенликлерге болған қатыслылық туйғысын, идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестириледи.
  2. Көрик-таңлаўды шөлкемлестириў арқалы төмендеги ўазыйпалар орынланыўы көзде тутылады:

 жасларды «Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяға көзқарас!» идеясы әтирапында бирлестириў, тәлим ҳәм тәрбия системасы арасында тығыз байланысты тәмийинлеў;

мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған сиясий, экономикалық, социаллық, руўхый-ағартыўшылық реформалардың, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-әҳмийетин кең жәмийетшиликке нәтийжели жеткериў;

шаңарақ, мәҳәлле, оқыў орынлары ҳәм мийнет жәмәәтлеринде социаллық-руўхый орталықты үйрениў ҳәм саўалландырыўға қаратылған искерликте қатнасыў;

«Наданлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында жәмийетте үзликсиз руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия ҳәм үгит-нәсиятлаў ислерин шөлкемлестириўдиң стратегиялық бағдарлары, тәсиршең, креатив ҳәм инновациялық услубларын ислеп шығыў ҳәм де оларды әмелиятқа енгизиў;

жергиликли халық, әсиресе, студент-жаслардың социаллық-руўхый турмысында жаратыўшылық идеяларын күшейтиў, диний толерантлық ҳәм миллетлер аралық татыўлық орталығын және де беккемлеў;

республика жоқары оқыў орынларында хызмет етип атырған педагог хызметкерлер, билим алып атырған жаслардың дөретиўшилик белсендилигин ҳәм сиясий мәдениятын арттырыў;

жаслардың санасына Өзбекстанда миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай алып барылып атырған реформалар мазмунын түсиниў ҳәм оны қәдирлеў дәрежесин анықлаў;

мәмлекетимизде интеллектуал мүлкти анықлаў ҳәм олардың дөретиўшилик искерлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат;

 

III. Көрик-таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў

  1. Көрик-таңлаўдың «Ең белсенди миллий идея ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы», «Руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша ең жақсы кафедра», «Ең жақсы топар кураторы» ҳәм «Ең белсенди ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы» номинацияларында университет педагог хызметкерлери, «Ең белсенди реформалар үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясында  студентлери қатнасыўы мүмкин.
  2. Көрик-таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер факультетлериндеги Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына арзалар менен жүрәжат етип, өзи ҳаққындағы тийисли мағлыўматларды усыныўы керек.   
  3. Арзалар ҳәр жылы 15-апрельден 15-майға шекем қабыл етиледи.
  4. Көрик-таңлаў 2 (еки) басқышта болады
  5. Биринши басқыш – арзалар қабыллаў ҳәм таңлаў басқышы болып, бунда көрик-таңлаўда қатнасыў тилегин билдирген талабанлардан арзалар қабылланады ҳәм де олар 2 шәрт бойынша таңланады.

1-шәрт. Талабанлардың номинация бойынша әмелге асырған жумысларының нәтийжелилиги анализи (ҳүжжетлер тийкарында) – 50 (елиў) балл;

2-шәрт. Тараўға тийисли сораўлардан ибарат тест сынағы (ямаса сәўбет) тийкарында – 50 (елиў) балл;

2 (еки) шәрт бойынша жәми 100 (жүз) балл топланады.

1-шәрт ҳәр жылы 20-май – 1-июнь күнлери аралығында өткериледи.

2-шәрт ҳәр жылы 1-июнь – 10-июнь күнлери аралығында өткериледи.

Төрешилер қурамы тәрепинен талабанлар бағдар бойынша әмелге асырған жумыслар анализи ҳәм де миллий идея ҳәм социаллық-сиясий, руўхый-ағартыўшылық тараўға тийисли тест сораўларына жуўап бериўи (ямаса темалар бойынша сәўбет) арқалы баҳаланады.

Номинациялар бойынша әмелге асырған жумыслары ҳәм де тест (ямаса сәўбет) нәтийжелери бойынша, ең жоқары балл топлаған жеңимпаз  көрик-таңлаўдың кейинги басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.

  1. Көрик-таңлаўдың ҳәр бир номинациясы бойынша университет басқышында жеңимпаз деп табылған қатнасыўшылардың ҳүжжетлери ҳәр жылы 1-июльден кешиктирмеген ҳалда Шөлкемлестириў комитетине жибериледи.
  2. Екинши басқыш – Республика басқышы болып, ҳәр жылы август-сентябрь айлары даўамында 2 шәрт бойынша өткериледи.

1-шәрт. Ҳәр жылы 20-август 1-сентябрь күнлери аралығында талабанлардың ҳүжжетлери таңланады ҳәм бағдары бойынша әмелге асырған жумыслары ең жоқары баҳаланған 15 ке шекемги талабан кейинги шәртте қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.

2-шәрт. Ҳәр жылы 1-сентябрь 10 сентябрь күнлери аралығында талабанлар таңлаған номинациясы бойынша әмелге асырған жумыслары ҳаққында презентация (мультимедиа) ислеп береди. Презентациялар нәтийжеси бойынша Төрешилер қурамы тәрепинен 1-, 2-, 3-орынларға ылайық талабанлар анықланады.

  1. Белгиленген мүддеттен кеш усынылатуғын ҳүжжетлер қабылланбайды.

 

  1. IV. Көрик-таңлаў шәртлери ҳәм баҳалаў өлшемлери

 

  1. Көрик-таңлаўдың биринши басқышы, 1-шәрти – талабанлар бағдар бойынша түрли темаларда руўхый-ағартыўшылық илажлар, дөңгелек стол сәўбетлери, викториналар, таңлаўлар ҳәм басқа илажларды шөлкемлестиргени, сондай-ақ халық, әсиресе студент-жасларды физикалық саламат, руўхый ҳәм ақлый раўажланған, еркин пикирлейтуғын, Ўатанға садық, қатаң турмыслық көзқарасқа ийе жасларды тәрбиялаў, демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў процесинде олардың социаллық белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырған жумыслары ҳәм де нәтийжелери ҳаққында анық ҳәм тийкарлы мағлыўматлар, сондай-ақ, студентлер турар жайы, ижарада ҳәм жеке үйлерде жасаўшы студентлер менен алып барылған руўхый-ағартыўшылық жумыслар есабатлары, бес әҳмийетли баслама шеңберинде әмелге асырылған жумыслар (максималл балл – 25 балл);

Булар төмендегише баҳаланады:

Қ/с

Баҳалаў өлшеми

Балл

 

1.

Талабанның таңлаған номинациясы бағдарында жаслар (теңлес) менен ислеў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың орташа нәтийжелилик көрсеткиши

 

25

1.1.

Руўхый-ағартыўшылық жумыслар сапасы дәрежеси ҳәм бағдары бойынша алып барылған жумыслар нәтийжелилиги

5

 

 

1.2.

Студентлер турар жайларында жаслардың дем алыўы ҳәм олардың бос ўақытларының мазмунлы шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, ижара ҳәм жақын ағайини үйинде жасаўшы студент-жаслар менен алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслар жағдайы

 

 

5

 

 

 

1.3.

Коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар нәтийжелилиги ҳәм де профессор-оқытыўшы ҳәм оқыўшы-студентлердиң Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардан жақсы хабардарлығы, сондай-ақ, социаллық-сиясий, руўхый-ағартыўшылық, ҳуқықый тараўлардағы билим дәрежеси көрсеткиши ҳәм де искерлиги бойынша ҒХҚ ҳәм социаллық тармақлардағы шығыўлары, илимий-публицистикалық мақалалары («Хабар ҳәм кураторлық саатлары» анализи ҳәм басқа ҳүжжетлер)

 

 

 

 

7

 

 

1.4.

Университетте 5 әҳмийетли басламаның орынланыўында талабанның орны (Шөлкемлестирген клублары ҳәм қамтып алынғанлар контингенти (улыўма контингентке салыстырғанда процентте) ҳәм де бул бойынша әмелге асырған жумыслар нәтийжелилиги

 

 

8

Соның менен бирге, талабанлардың (кандидатуралардың) университетте қолға киргизген жетискенликлери, соннан, ҳүрмет жарлықлары, сертификатлар, диплом ҳәм алғыснамалар ҳәм басқалар (максимал балл – 25 балл).

Булар төмендегише баҳаланады:

Т/с

Жетискенликтиң дәрежеси

Саны

(0-9)

Саны

(10-19)

Саны

(20+)

1

Билимлендириў орынлары яки район (қала) көлеминде

1 балл

2 балл

3 балл

2

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаят көлеминде

2 балл

3 балл

4 балл

3

Республика көлеминде

3 балл

4 балл

5 балл

4

Шет ел мәмлекетлери көлеминде

4 балл

5 балл

6 балл

5

Көкирек нышаны (1+)

3 балл

6

Мәмлекетлик сыйлық (1+)

4 балл

 

Жәми

25 балл

 

  1. Көрик-таңлаўдың биринши басқышы, 2-шәрти – тест сынағы (яки сәўбет) Төрешилер қурамы тәрепинен дүзилген миллий идея ҳәм социаллық-сиясий, руўхый-ағартыўшылық тараўына тийисли 25 тест сораўларына (яки 5 тема бойынша сәўбет, ҳәр бир тема 10 балла, жәми 50 балл) жуўап берип, ҳәр бир дурыс жуўап ушын 2 балл белгиленеди.
  2. Көрик-таңлаўдың республика басқышы 2 шәрт бойынша өткериледи.

1-шәрт. Талабанлардың (кандидатура) ҳүжжетлери усы нызамның 17-бәнтине муўапық сараланады ҳәм әмелге асырылған жумыслары ең жоқары баҳаланған 15 ке шекем талабан (кандидат) кейинги шәртте қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.

2-шәрт. Талабанлар (кандидатура) таңлаған номинациясы бойынша әмелге асырған жумыслары, тараўда бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў етиў бойынша инновациялық усыныслар, әмелиятқа енгизиў мүмкин болған тәжирийбелер ҳаққында 10-15 минутлық презинтация (слайдлы) етип береди. Талабанлардың (кандидатура) таярлаған презинтациясы, шеберлиги, жеке имиджиниң бар екенлиги, лекцияларда жаңаланып атырған Өзбекстандағы реформалардың изшил логикалық тийкарлаў қәбилети, байланыслық туўғысының көрсетилиўине, соның менен бирге, Төрешилер қурамы тәрепинен берилген сораўларға жуўап бериў арқалы баҳаланады.

Барлық шәртлер бойынша улыўма баллар қосып есапланғанда, ең жоқары көрсеткишке ерискен қатнасыўшылар ортасында I, II ҳәм III орынларды белгилеў Төрешилер қурамы тәрепинен шешиледи.

 

  1. V. Көрик-таңлаў жеңимпазлары хошаметлеў
  2. Көрик-таңлаўдың университет (биринши) басқышта жоқары 1-2-3 орынды ийелеген қатнасыўшылар университет тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳа саўғалар, соның менен бирге, таңлаўда белсенди қатнасқан қатнасыўшылар ушын билимлендириў мекемеси баслығының ҳүрмет жарлықлары менен хошаметленеди.
  3. Көрик-таңлаўдың республика басқышында жеңимпаз болған қатнасыўшыларды хошаметлеў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў орынларын раўажландырыў фонды есабынан қаржыландырады.
  4. Көрик-таңлаў жеңимпазларын төмендеги тәртипте пул қаржылары ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң дипломлары ҳәм де статуэткалары менен хошаметлейди:

т/с

Номинация аты

Ийелеген орны

Диплом ҳәм статуэтка

Пул сыйлығының муғдары

1

«Ең белсенди миллий идея ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятшысы»

1-орын

I дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 45 есеси

2-орын

II дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 40 есеси

3-орын

III дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 35 есеси

2

«Руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша ең жақсы кафедра»

1-орын

I дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 45 есеси

2-орын

II дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 40 есеси

3-орын

III дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 35 есеси

3

«Ең жақсы топар басшысы»

1-орын

I дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 45 есеси

2-орын

II дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 40 есеси

3-орын

III дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 35 есеси

4

«Ең белсенди ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслы»

1-орын

I дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 45 есеси

2-орын

II дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 40 есеси

3-орын

III дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 35 есеси

5

«Ең белсенди реформалар үгит-нәсиятлаўшысы»

1-орын

I дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 20 есеси

2-орын

II дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 15 есеси

3-орын

III дәрежели диплом ҳәм статуэтка

Базалық есаплаў муғдарының 10 есеси

 

  1. Көрик-таңлаўдың республика басқышы қатнасыўшыларына «Реформалар билимданы» кең тармақлы республика илимий-ағартыўшылық көрик-таңлаўының қатнасыўшысы сертификаты бериледи.
  2. Көрик-таңлаўдың республика басқышы жеңимпазларын хошаметлеў процесин шөлкемлестириў менен байланыслы зәрүр қәрежетлер ушын қаржы Шөлкемлестириўши комитет тәрепинен усыныс етилген есап-санақлар тийкарында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары оқыў орынларын раўажландырыў фонды есабынан Министрлик жанындағы «Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық» орайының тийисли есап бетине өткерип бериледи ҳәм де жеңимпазларды хошаметлеў иләжы жоқары көтериңкиликте шөлкемлестириледи.

 

  1. VI. Жуўмақлаўшы қағыйдалары
  2. Көрик-таңлаўдың исши тили: Мәмлекетлик тил.
  3. Көрик-таңлаўға келип түскен ҳүжжетлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте 6 ай мүддет ишинде сақланады.
  4. Көрик-таңлаўлар нәтийжелери ҒХҚ да дағазалап барылады.
  5. Көрик-таңлаў қатнасыўшысы (басқа шахс) тәрепинен таңлаўдың республика басқышын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, соның менен бирге, оның нәтийжеси менен байланыслы мүрәжәәт (келиспеўшилик) лер қабыл етилмейди.

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер