Финанс бағдары студентлери ушын шөлкемлестирилген мастер класс

Экономика факультетиниң Финанс кафедрасында Ташкент мәмлекетлик экономика университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин жетилистириў тармақ орайының бөлим баслығы, экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD), доцент Бауетдинов Мажит Жанызакович мийманда болды.

Ол экономика факультети 2-курс Финанс бағдары студентлерине мастер класс шөлкемлестирди.

Бул мастер класс студент жаслардың пәнге болған қызығыўшылығын және де арттырды десек алжаспаймыз. Студент жаслар өзлериниң қәнигелик пәни бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Мастер класста пәндеги раўажланыўлар, усы раўажланыў жолында әмелге асырылып атырған иләжлар ҳаққында түсиниклер берди. Мастер класс сабағында ҳәр қыйлы методлардан пайдаланды.

Бундай мастер класслар студентлердиң билимин асырып, таза мағлыўматлар алыўына себепши болады.

 

ҚМУ Экономика факультети

Финанс бағдары 4 – курс студенти

Мамутова Камила

 

 

Пайдалы дереклер