ӘЎЛАДЛАР ҲҮРМЕТИНЕ ЫЛАЙЫҚ ИНСАН

        Ўақыт ѳткен сайын инсанға келешек әўладлардың ҳүрмети артып барыўы үлкен бахыт. Дәўирлер ѳтип, әўладлар алмасқаны менен де ѳзиңе болған сый-ҳүрметтиң жоғалып кетпеўи изиңде қалдырған ағла пазыйлетлер менен байланыслы. Усындай әўладлар ҳүрметине ылайық болған инсанның ѳмир жолына арналған ушырасыўда уллы адамгершилик пазыйлетлерден сѳз ашылды.

         Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор Тәжен Изимбетовтың туўылғанына 90 жыл толыўына арналған республикалық илимий теориялық конференция болып ѳтти.

 

        Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов кирис сѳзге шығып, илимпаздың саналы ѳмири даўамында Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында басшы ҳәм жуўапкер лаўазымларда ислеп, илимниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқанлығы, сонлықтан да илимпаздың жаратқан мийнетлери келешек жасларымыз тәрепинен еле де үйренилип, оның илим жолындағы изленисли мийнетлери студент жаслар ушын баҳалы қолланба болып хызмет ететуғынлығын айтып ѳтти.

      Тәжен Изимбетов Қарақалпақстанда илимди раўажландырыўда, соның менен бирге жас илимпазларды қоллап-қуўатлаўда ѳзиниң пидайылығын кѳрсеткен илим адамы. Илимий теориялық конференцияда ѳзлериниң еске түсириўлери менен шығып сѳйлегенлер бул пикирди айтып ѳтти.

Сѳзге шыққанлардан Олий Мәжлис сенаторлары У.Жалменов, Б.Матмуратов, университет нуранийлер кеңеси баслығы, профессор Б.Абдикамалов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият ғайраткери Юрий Иванович Кулаков ҳәм бир қатар заманласлары сѳзге шығып, кѳпке ѳрнек ѳмир жолы ҳаққында сѳз етти.

Т.Изимбетов Москва қаласында Илимлер академиясының институтында философия илимлери бойынша кандидатлық диссертациясын жақлап ҳәм илимниң бул тараўынан Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болған илим пидайысы.

Илимпаз кадрлар таярлаў бойынша миллий бағдарламаны иске асырыўға өзиниң салмақлы үлесин қосты. Ол ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасында болып атырған сиясий-экономикалық, социаллық ҳәм мәдений өзгерислерди, миллий ғәрезсизлик идеяларын, миллий идеологияны кең халық массасына түсиндириў бойынша жумысларға белсене қатнасты.

      Оның пидайы мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен итибарға алынып, бир неше орден ҳәм медаллар, «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды. Атап айтқанда, Өзбекстанға мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери ҳүрметли атақларына миясар болды, «Хүрмет белгиси» ордени, «Мийнетте айрықшалығы ушын» медалы менен сыйлықланды.

     Тәжен Изимбетов республикамыздың социал-экономикалық, илимий, мәдений раўажланыўында оғада үлкен үлес қосқан, халық ушын ҳадал хызметлер еткен принципиал, әдалатлы басшы еди. Ол өмирлик жолдасы Зина Изимбетова менен төрт перзент тәрбиялап, ақлық-шаўлықлар сүйди.

           Уллы инсан Т.Изимбетовтың өмири ҳәм хызметлери үлкен ҳүрметке ылайық деп атап ѳтти шығып сѳйлеўшилер.     

                                                                                                                            ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

Пайдалы дереклер