Хабарыңыз бар, усы күнлерде жоқары курс студентлери бакалавр тәлим бағдарының оқыў жобасына сәйкес өз қәнигеликлери бойынша әмелиятларға жиберилген. Университеттиң Көркем-өнер факультетиниң жәми 44 студенти мәҳәллелерге, 28 студенти болса университетке бириктирилген. Студентлер усы жылдың 25-апрель күни топарларға бөлинип, пайтахтымыздағы бир қатар мәҳәллелерде, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы ҳәм 81416 Әскерий бөлимлери менен халықтың арасында сәўбетлесиў ҳәм үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы подполковник У.Уразметов, Нөкис әскерий прокуроры үлкен жәрдемшиси майор Ф.Ашуров, 81416 Әскерий бөлим Әскерий хызметкерлериниң жәми 78 өмирлик жолдаслары, Темир дәптерге кирген шаңарақлар, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Педагогика психология кафедрасы ассистент оқытыўшылары А.Айназарова, Матуразова Зульфия, Әмелий психология пәни жөнелиси 2-басқыш студентлери қатнасты.

Дәслепки ушырасыў Нөкис әскерий прокуроры үлкен жәрдемшиси майор Ф.Ашуров пенен болып, онда «Бахытлы ҳаял сырлары» ҳәм «Шаңарақта ҳәм жәмийетте ҳаялдың ҳуқық ҳәм кепилликлери» темасында сөз барды. Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы подполковник У.Уразметов кирис сөз бенен ашып берди. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы психологы А.Досназаров сөзге шығып, шаңарақтың инсан ушын бахытлы ҳәм саадатлы, арзыў ҳәм нийетлери, мақсет ҳәм тилеклерин бирлестиретуғын, қуўанышлы ҳәм қыйыншылық жағдайларда сүйене алатуғын киши бир Ўатан екенлиги ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыў даўамында ҚМУдың ассистент оқытыўшысы А.Айназарова сөзге шығып, ол өз сөзи даўамында «Ҳаял шаңарақтың руўхый энергиясын сәўлелендиреди. Ҳаял өзин қандай тутса, қандай руўхый энергияға ийе болса, тап сондай руўхый энергия шаңарақта ҳүкимранлық қылады. Егер ҳаял ҳәмме нәрсе жақсы болыўына исеними жетерли болса, онда бундай ҳаял шаңарағына әўмет алып келеди» деген пикирлерди билдирип өтти.

Усы мазмундағы ушырасыў күн даўамында мәҳәллелерде де даўам етип, онда «Темир дәптер»ге кирген ҳаял-қызлар менен стресстен шығыў жоллары, қарым-қатнас психологиясы ҳаққында семинар тренинг өткерилди. Илаж даўамында Нөкис әскерий прокуроры үлкен жәрдемшиси майор Ф.Ашуров сөзге шығып, усындай тез пәт пенен раўажланып баратырған заманда халықтың, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў баслы мәселелерден болып, бул бойынша алып барылып кең көлемли реформалар менен таныстырып өтти. Атап өткенде, ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин асырыў, оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде ислеп шығылған «Бунёдкор аёллар» жойбары шеңберинде жаңа исбилермен ҳәм фермерлерди қәлиплестириў, шетки аўылларда жаңа жумыс орынларын жаратыў нәтийжесинде өткерилген семинар-тренинглер, олардың нәтийжелери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

Усындай илажларды шөлкемлестириўде көрсеткен әмелий жәрдеми ушын Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы баслығы М.Б.Юсупов, басқарма психологы капитан А.Досназаров ҳәм бир қатар мәҳәлле басшыларынан университет ректорына «МИННЕТДАРШЫЛЫҚ ХАТ»лары жиберилди.
Усы мазмундағы илажлар даўам етпекте…
Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети студенти.