ӘТИРАП-АЙМАҚ ТАЗАЛЫҒЫНДА ЖАСЛАРДЫҢ БЕЛСЕНДИЛИГИ

  Әтирап тазалығы ушын ҳәр биримиз жуўапкермиз.

Бул пикирди  ҳәр күни еситемиз ҳәм оған әмел етип жасаў биз жаслардың ўазыйпасы екенлигин терең сезинемиз. Бәҳәр келиўи менен кѳплеген орынларда әтирап- аймақты абаданластырыў ислерине кеўил бѳлинип, бунда жасларымыз кѳбирек басқаларға үлги болып атыр. Бул әлбетте мақтанышлы. Ѳйткени жасларымыз жақсы ислерде бәрқулла  басламашы екенлигин кѳрсетип атыр.

Бизлер де сабақтан бос ўақытларымызда ѳзлеримиз билим алып атырған оқыў дәргайымызда досларымыз бенен әтирап-аймақ тазалығы ушын үлес қосып барыўды мақсет еткенбиз.

 

ҚМУ, математика факультетинин 1 «е» курс студентлери.

 

Пайдалы дереклер