Биология факультетинде «Халықаралық қуслар күни» өткерилди

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Биология факультетинде «1-апрель Халықаралық қуслар күни»не бағышланған «Қуслар – гөззаллық тымсалы» атамасындағы  илимий семинар болып өтти.

Ушырасыў Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы,  Otus-студентлер орнитологиялық клубы  ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шѳлкеми тәрепинен шѳлкемлестирилди.

Илимий семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Биология факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары, факультет жанындағы  «OTUS» -студентлер орнитологиялық клубы ағзалары, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы, Өзбекстан экологиялық ҳәрекетиниң Қарақалпақстан аймақлық бөлими ағзалары ҳәм Ғалаба хабар қураллары  ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды Биология факультети деканы Я.Аметов ашты ҳәм қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, қуслар байрамының әҳмийетин айтып өтти ҳәм қутлықлаў ушын сөзди мийманларға берди. Буннан соң Ѳзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шѳлкеми Кеңеси баслығы Айсәнем Бегимова сөзге шықты.

«Қуслар-гѳззаллық тымсалы» атамасындағы илимий семинарда Биология  факультети деканы, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы баслығы, биология илимлери докторы Якуб Аметов баянат жасап, бул байрамның әҳмийети ҳәм келип шығыў тарийхы, кейинги жыллары Қарақалпақстанда алып барылып атырған орнитологиялық изертлеўлер, сондай-ақ «Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийети Қарақалпақстан филиалының искерлиги, оның тәбиятты қорғаўдағы роли» ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы доценти, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы ағзасы Исламбек Арепбаев «Қарақалпақстанның аўланатуғын қуслары» атамасында баянат жасады.

Соңынан Биология тәлим бағдары   4-курс студенти, «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» ағзасы Элеонора Жангабаева – «Сиз билесизбе..?» атамасындағы баянаты менен қатнасты.

Илимий семинардың кейинги басқышында «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» ағзалары есапланған Биология факультети студент жаслары факультет ушын таярлап келген бағдарламасы тийкарында қуслардың сүўретин салған “Ең жақсы сүўретши”  атлы таңлаў өткерилди. Жеңимпазлар Қарақалпақ мәмлектлик университетиниң Биология факультети жанындағы «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Бундай ушырасыўдың әҳмийети үлкен болып, оның тийкарғы мақсети – халықтың тәбият ҳәм қуслар ҳаққында билимин асырыў, қуслардың жасаў орнын қорғаў,  пүткил дүньяда жабайы тәбиятты сақлап қалыў машқалаларына адамлардың дыққатын аўдарыў ҳәмде қуслар мысалында тәбияттың  пүткил биологиялық көптүрлилигин әўладларымызға жабайы ҳалында жеткерип бериў болып табылады.

 

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети,

Улыўма биология ҳәм физиология

кафедрасы доценти, Otus-студентлер

орнитологиялық клубы баслығы, PhD                      Исламбек Арепбаев.

 

Пайдалы дереклер