Шет тиллер факультетиниң Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы профессор оқытыўшылары Шымбай районы Халық Билимлендириў бѳлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қәнийгеликке бағдарлаў бойынша ушырасыў өткерди.
Шет тиллери факультети Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы оқытыўшылары, соның ишинде, кафедра баслығы Сейтжанов Жеткер ҳәм кафедра ассистентлери Арзымбетова Сәрбиназ, Кайыпова Салтанат, Баймуратова Сәрбиназ, 4-курс студенти Қобланова Гүлбаныўлардың қатнасында мектеп оқыўшыларына қәнийгеликке бағдарлаў бойынша ушырасыў шѳлкемлестирилип, мектеп директоры М.Айымбетов мектеп турмысы менен таныстырып шықты.

Кафедра оқытыўшылары мектеп оқытыўшыларына шеберлик класс саатларын, инглис тилине қызығыўшылар менен сәўбетлесиў алып барды ҳәм мектептиң 10-11-класс оқыўшыларына қызықлы темаларда сабақлар өтти. Оқыўшылар арасында кишигирим таңлаў шөлкемлестирилип, жеңимпазлар саўғалар менен сыйлықланды.

Кафедрамыз студентлери тәрепинен дүзилген «Dilmash International» КВН командасы да мектепке келип, оқыўшыларға қызықлы көринислер қойып берди. Ушырасыў соңында мектеп директоры ҳәм оқытыўшылары университет профессор-оқытыўшыларына бундай еки тәреплеме бирге ислесиўден миннетдар екенлиги ҳәм бир қанша көнликпелерге ийе болғанлығын айтып өтти.
Шет тиллери факультети
Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты бағдары
4-курс студенти Қобланова Гүлбаныў