Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультетинде Бухара ўәлаятында жайласқан Кнауф Гипс ислеп шығарыўшы заводыныӊ оқыў орайы баслығы С. Атаев ҳәм кәнигеси Ф.Яшиевлар менен факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары қатнасында семинар болып өтти.
Семинарды факультет деканы Т.Узақов ашып берди. Семинарда Кнауф Гипс ислеп шығарыўшы заводыныӊ оқыў орайы баслығы С. Атаев ҳәм кәнигеси Ф.Яшиевлар заводта ислеп шығылып атырған өнимлери ҳаққында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жасларға кеӊнен түсиниклер берди. Семинар даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар өзлериӊ қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
