САЎАПЛЫ ИСЛЕРДЕН ШАРШАМАЙМЫЗ

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети студентлери Нөкис қаласында жайласқан «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйи аймағын абаданластырыў ислеринде жақыннан жәрдем көрсетти.

«Биз саўаплы жумысларды ҳәр дайым ислеўде шаршамаймыз» ураны тийкарында, усындай саўаплы ислерди ислеўде Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент жаслары белсенди қатнаспақта.

Меҳир-мүриўбет кѳрсетиў адамгершиликтиң ең ағла пазыйлети болғанлықтан, студент жасларымызды усындай саўаплы ислерге бағдарлап барыў арқалы жақсы тәрбияға тийкар жаратамыз.

Нурлан Досходжаев,

ҚМУ Дене мәденияты факультети декан орынбасары.

 

 

 

Пайдалы дереклер