Сизди «Аралдағы мениң бағым» (My garden in the Aral Sea) жойбарында қатнасып, Аралбойын көклемзарластырыў жумысларына өз үлесиңизди қосыўға шақырамыз!
Арал теңизи майданының қысқарыўы Қарақалпақстанда экологиялық дағдарыстың жүз бериўине алып келди.
Нәтийжеде аймағымыз халқы оның ақыбетлерине дус келмекте:
- климаттың өзгериўи;
- шөлистанға айланыў;
- суў ҳәм жер ресурсларының патасланыўы ҳәм шорланыўы;
- Ҳайўанлар ҳәм өсимликлердиң жоқ болып кетиўи;
- Аралбойы ландшафтының өзгериўи;
- Регионда мәўсимлик қурғақшылықлардың артып кетиўи;
- Шаң-тозаңлы ҳәм дузлы даўыллардың жийи жүз бериўи.
Алдыңғы теңиз ултаны майданы 5,5 млн. гектардан аслам болған Аралқум шөлине айланды. Қарақалпақстанның елатлы пунктлерин ҳәм шөлистанларды көклемзарластырыў режелестирилмекте. Ҳәзирги күнниң өзинде дәслепки сынаў майданларында тереклерди егиў жумыслары баслап жиберилди. Көклемзарластырыў жумыслары ушын усы аймақтың климатлық шараятларына шыдамлы болған терек ҳәм пута түрлери: ясень, қарағаш, катальпа, мәжнүнтал, сексеўил, черкез, қандым ҳәм басқа да түрлери таңлап алынған.
Сизлер де регионымызды көклемзарластырыўға өз үлесиңизди қоса аласыз!
Бизлер терек егиўге қаржы топлаў мақсетинде Өзбекстанда биринши рет халық тәрепинен көклемзарластырыў жойбары ҳәм краудфандинг (халық тәрепинен қаржыландырыў) платформасын жаратпақтамыз. Бизлер 2020-2021-жыллар аралығында 100000 түп терек егиўди режелестиргенбиз. Нәллер үлкен терекке айланыўы ушын оны тек егип ғана қоймастан, ал оның күтимин бериў, суўғарыў да зәрүр болады.
Тереклерди егиў ҳәм күтимин бериўде суўды үнемлеўши технологиялар қолланылады. Шөлде өсетуғын өсимлик нәллериниң 1 түби 10 мың сўмға түседи!
Декоратив өсимликлердиң нәллери болса 1 түп терек ушын төлемлер 50 мың сўмнан 200 мың сўмға шекемди қурайды. Сиз өзиңиз келип нәллерди егиўиңиз ямаса бизиң www.aralforest.org сайтымыз арқалы өзиңиз қәлеген муғдардағы пулды қайырқомлық жәрдеми ретинде жибериўиңиз мүмкин.
Сизлер терек егиўге жәрдем бериў менен бирге төмендегилерге ийе боласыз:
- Қайырқомлық жәрдемиңиз ҳәм атыңыз сайтта жәрияланады,
- Сиз қәлеген муғдардағы пулды қайырқомлық жәрдеми ретинде бериўиңиз мүмкин! Ҳәтте, 10 мың сўм да бир терек егиўге жәрдем береди!
Жойбарымызда тереклердиң күтимин бериўге жәрдем беретуғын волонтёрлар көп болады!
«Аралдағы мениң бағым» жойбары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-февралдағы ПҚ-4597-санлы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы тәрепинен «Аралдағы мениң бағым» (My garden in the Aral Sea) агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылмақта. Жойбардың тийкарғы мақсети пүткил дүнья жәмийетшилиги ҳәм жергиликли халықтың Арал теңизиниң қурып қалыў ақыбетлерин сапластырыўда қатнасыўға болған талпыныў сезимлерин оятыў ҳәм бул арқалы Аралбойы халқының турмыс дәрежесин және де көтериў болып есапланады.
Жойбардың шәртлери:
Жойбарда қатнасыўды қәлеўшилер декоратив бағ жаратыў ушын керекли муғдардағы терек нәллерин сатып алады ҳәм Орайдың “Мойнақ” илимий-өндирислик участкасындағы белгиленген майданға отырғызады. Участка аймағында жойбар қатнасыўшыларын күтип алыў ҳәм оларды рәсмийлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратылған.
Бизлер отырғызылған терек нәллерине ғамқорлық қыламыз ҳәм буның ушын қатнасыўшылар нәллердиң күтимин бериў, суўғарыў, төгин бериў сыяқлы жумыслар ушын айма-ай төлемлерди әмелге асырыўы керек болады. Участка аймағы қоршалған болып ҳәм қорықланады.
Хызметлер ушын ҳақы төлеўге Орайда Uzcard, Visa, Mastercard карталарынан төлем қабыллаўшы терминаллар орнатылған, сондай-ақ, www.aralforest.org сайты арқалы төлемлерди әмелге асырыў мүмкиншилиги жаратылған.
Орайда жойбар қатнасыўшыларының улыўма электрон базасы жаратылады. Мағлыўматлар базасына қатнасыўшы туўралы барлық мағлыўматлар (аты, фамилиясы, жасаў мәнзили, отырғызған нәлдиң аты ҳәм саны, электрон почта мәнзиллери) киргизиледи. Жойбар қатнасыўшыларына турақлы рәўиште электрон түринде финанслық, фото ҳәм видео есабат жиберилип барылады.
Жойбарда қатнасыўды қәлеўши әзийз дослар! Бул илаж ҳәр бир қатнасыўшының тиккелей өзиниң мәпи ушын хызмет қылмаса да, бул улыўмалық қайырлы иске өз үлесиңизди қосыўыңыз мүмкин.
Бизлер бирлесип ҳәрекет етиўимиз нәтийжесинде Аралбойы регионындағы климат өзгериўине қарсы тәсир көрсете аламыз!
Бизлердиң ҳәр биримиздиң 1 терек болса да егиў қолымыздан келеди!
Жойбар бойынша қосымша мағлыўматлар төмендеги мәнзиллерде жайласқан:
www.twitter.com. /aralforest
«Аралдағы мениң бағым» (My garden in the Aral Sea) жойбары агенти
ЛЕПЕСБАЕВ ДАЎЛЕТБАЙ.
ҚМУ, Юридика факультети 3-курс студенти.