ГҮЛ ЕГИП, ӘТИРАПТЫ ГѲЗЗАЛЛАНДЫРЫП АТЫРҒАН ЮРИДИКА ФАКУЛЬТЕТИНИҢ ҮЛГИЛИ ИСЛЕРИ

Ҳәммемизге мәлим, усы жылдың 17-апрель күни Нөкис қаласында «NCITY» яғный, «Таза қала» жойбарына старт бериледи.

«Таза қала» жаслар басламасы менен шөлкемлестирилген – жасап атырған аймағына тазалық ҳәм гөззаллық инәм етиўши, абаданластырыў жойбары болып табылады.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте өткерилиўи режелестирилген жойбарда Нөкис қаласындағы абаданластырылыўы тийис болған  61 аймақта «Таза қала» жаслар басламасы әмелге асырылады.

Усы басламаны қоллап-қуўатлаў ушын 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети профессор-оқытыўшылары менен биргеликте абаданластырыў жумысларын баслап жиберди.

Басламада ҳәр бир профессор-оқытыўшы белсендилик көрсетип, факультет әтирапын абаданластырыўда қатнасып атырғанлығын айрықша атап өтсек болады.

Солай екен, бәршени 17-апрель күни Нөкис қаласында «NCITY» яғный, «Таза қала» жойбарына белсендилик көрсетиўге шақырамыз.

 

Пайдалы дереклер