“ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫ МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ УШЫН МӘНАЎИЙ ОРАЙ ҲӘМ МӘДЕНИЯТ ОШАҒЫ БОЛЫЎЫ КЕРЕК» ДЕГЕН УЛЛЫ БАСЛАМАНЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЙМЫЗ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл, 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы болыўы керек» деген басламасын әмелге асырыўға қаратылған илажлар шеңберинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлерине бириктирилген Мәкан пуқаралар жыйынлары менен тығыз бирге ислесиў жумыслары баслап жиберилди.

– Президентимиз жасларымыздың келешеги ушын усындай уллы басламаларды әмелге асырыў бағдарында Жоқары оқыў орынларының алдына жуўапкершиликли ўазыйпаларды қойып белгилеп берген екен, демек, бундай уллы басламаны бизиң ҳәр биримиз қоллап-қуўатлап, ѳзлеримизге жаңа ўазыйпаларды белгилеп алдық,-дейди университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлерине бириктирилген  Нѳкис қаласындағы 3-секторда жайласқан «Тынышлық», «Қурылысшы» ҳәм «Бақшылық» мәкан пуқаралар жыйынларына барып, бул аймақлардағы «Жаслар дәптери»не кирген ҳәм бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар ҳаққындағы мағлыўмат пенен танысып шықты.

Мағлыўматларға итибар қаратсақ, «Тынышлық» МПЖда 18 ҳәм 30 жас аралықтағы жаслар 756 ны қурайды. Соннан «Жаслар дәптери»не киргенлер саны 42, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар қатарында болса 30 жас есапта турады.

«Қурылысшы» МПЖ да 680 жас бар болып, соннан 38 и «Жаслар дәптери»нде, 27си бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар. Ал, «Бақшылық» мәкан пуқаралар жыйынында 18 ҳәм 30 жас аралықтағы жаслар 1262 болса, соннан «Жаслар дәптери»нде 70, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар саны 50 ди қурайды.  

Ҳақыйқатында бул келтирилген санлар артында ҳәр бир жастың келешеги турғанлығын есапқа алсақ, оларда бүгинги күн нәпесинен келип шығып жаңаша кѳз-қарас, жаңаша ойлаў сезимин қәлиплестириў лазым.    

Мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары менен аймақтағы бәнтлиги тәмийинленбеген жаслардың мәселелери терең үйренилип, олардың бос ўақтын бийкар ѳткермеўи, ѳнер үйрениўлери ушын шараят жаратыў бағдарында ѳз-ара пикир алысты.

         «Жаслардың бос ўақты душпанның ис ўақты» деген терең мәнили пикир ҳақыйқатында да турмыс шынлығы, сонлықтан да олардың қыңыр жолларға кирип кетпеўи ушын бос ўақытларын пайдалы жумыс пенен бәнт етиў бүгинги күнниң талабы есапланады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлерине бириктирилген Мәкан пуқаралар жыйынлары менен ислесиў бағдарындағы дәслепки ушырасыўларда ҳәр бир жастың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине қарап ѳнер үйретиў бағдарында жумыс алып барыў бас мақсет етип белгилеп алынды.

                                                                                                                                            ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

Пайдалы дереклер