СТУДЕНТ ЖАСЛАРЫМЫЗДАН МИННЕТДАР БОЛЫП, ДУЎАҒА ҚОЛ ЖАЙДЫ АНА

«Таза қала» акциясы шеңберинде ѳткерилген жақсы баслама университет жасларын және де руўхландырып жиберди.  Ораза айында саўап ислерди кѳплеп ислеп, жасы үлкенлеримиздиң ақ пәтиясын алыўға миясар болды.

 География ҳәм тәбийий ресурслар факультети студентлери де «Таза қала» акциясында ѳзлериниң белсендилигин кѳрсетти.

Акция шеңберинде пайтахтымыздағы «Ели абат» МПЖ аймағындағы 23-киши районда жайласқан 1/24 ҳәм 1-9 жайлардың әтирапларын тазалап, кѳптен бери жыйналып қалған шығындыларды шығарып таслаўға үлес қосты.

Бул аймақ турғынлары студент жаслардан миннетдар болып, ѳзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.

 

Пайдалы дереклер