“Студентлер лигасы” атлы инновациялық жойбарлар таӊлаўы

 

Пүткил дүнья туризм шөлкеми (УНӮTO)ниӊ қәбилетли жаслардыӊ раўажланыўына көмеклесиў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине (СДГ) муўапық туризм тараўындағы машқалаларды шешиўге бағдарланған “Студентлер лигасы” атлы инновациялық жойбарлар таӊлаўы дағаза етилгенлигин хабарлаймыз.

Бул таӊлаўда еки жөнелис бойынша студентлер командасыныӊ қатнасыўы усыныс етилип атыр: “Аўыл аймақлары ушын туризм” ҳәм “Пластик өнимлеринен зыянланыўдыӊ алдын алыў”.          

Таӊлаў шәртине муўапық, арнаўлы бир оқыў орны (11 ден 13-жасқа шекем болған оқыўшылар) яки студентлер топары (14 тен 18- жасқа шекемги жаслар, 25 -жасқа шекем бакалавр ямаса магистрантлар) өз-ара жарысып, туризм саласындағы орын алған машқалаларды шешиў ушын еӊ жақсы инновациялық идеяларды усыныў. Студентлер жойбарлары инглис тилинде усыныс етилиўи белгиленген болып, төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланады. Ҳәр бир жөнелистеги  еӊ жақсы 4 команда  УНӮTO “Студентлер лигаси” ныӊ финал басқышы ушын онлайн жарыста қатнасады.           

Жеӊимпаз болған идеялар УНӮTOныӊ санлы баспасына киргизиледи. Соныӊ менен бирге, жеӊимпаз командалар УНӮTO Бас ассамблеясында қатнасыў ҳәмде шөлкемге ағза мәмлекетлердиӊ ўәкиллери менен туризм саласында өз-ара пикир алмасыӯ мүмкиншилигине ийе болады.           

Қатнасыўды қәлеген ҳәр бир студент яки команда 2021-жыл 30 -апрелге шекем онлайн көринисте тийисли баҳалаў бетин толтырыўы ҳәм керекли ҳүжжетлерди тапсырыўы талап етиледи. Оқыў орны администрациясы қатнасатуғынлығын  билдирген студент яки команда ағзалары ушын рәсмий қоллап-қуўатлаў хаты жиберилиўи соралады.

Толық мағлыӯматлар ҳәм дизимнен өтиў төмендеги силтемеде:  https://www.unwto.org/students-league.

 

 

Илимий ислер, инновациялар ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими.

 

Пайдалы дереклер