ӘДИЛБЕКТИ ҮЛКЕН ТАБЫСЫ МЕНЕН ҚЫЗҒЫН ҚУТЛЫҚЛАДЫ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти, Ѳзбекстан сайланды командасының ағзасы Әдилбек Юсупбаев жүзиў бойынша Өзбекстан ашық чемпионатында жеңимпаз болып, Япония пайтахты Токио қаласында болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиадасына жолламаны қолға киргизди.
Бүгин спортшы салтанатлы жағдайда күтип алынды.
Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спортшы менен ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А. Реймов, сондай-ақ, спорт тараўы басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда жеңимпаз спортшыны үлкен табысы менен қызғын қутлықлап, келеси Токио қаласында болып ѳтетуғын ХХХII-жазғы Олимпиада ойынларында табыслар тиледи

ҚМУ Баспасѳз хызмети