Усы жылдың 13-апрель күни Экономика факультети студент жасларына Халықаралық инглис тилин баҳалаў системасы (IELTS) сертификатын алыў бойынша ҳәм шет елде оқыў, қәнигеликлерин жетилистириў бойынша тараў қәнигеси, «Standart language center» фирмасы директоры Қ.Абдукаримов тәрепинен мастер класс шѳлкемлестирилди. Мастер класс сабағында ҳәр қыйлы методлардан пайдаланды Бул мастер класста студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Бундай мастер класслар студентлердиң билимин асырып, таза мағлыўматлар алыўына себепши болады.

Экономика факультети декан орынбасары:
Н.Бегленов