ЭКОНОМИКА ФАКУЛЬТЕТИ ПРОФЕССОР-ОҚЫТЫЎШЫЛАРЫ ҲӘМ СТУДЕНТ ЖАСЛАРЫ МЕҲРИБАНЛЫҚ ҮЙИНЕ БАРДЫ

Қарақалпақ мǝмлекетлик университети экономика факультети профессор оқытыўшылары ҳǝм студент жаслардыӊ басламасы менен усы жылдың 16-апрель күни  рамазан айында Хожели районында жайласқан 1- санлы Меҳрибанлық үйинде болды. Экономика  факультети деканы Т. Жиемуратов,  жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары  Қ. Нурманов, Ҳаял-қызлар кеӊеси баслығы Э.Маденова, кафедра баслықлары ҳǝм профессор оқытыўшылар менен бирге усы Меҳрибанлық үйи питкериўшилери ҳǝм бир топар студент жаслар қатнасты.

Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшыларынан Реймова Гүлсара,   Камалова Динара, Разов Дамирлер  ҳǝзирги күнде экономика факультетиниӊ 1-курс студентлери, олар оқыўда ҳǝм жǝмийетлик жумысларға белсендилик пенен катнасып атыр. Университетте жаратылған кеӊ имканиятлардан пайдаланып жақсы окып атырғанлығын ҳǝм усындай шараят жаратып бергенлигин ушын мǝмлекетимизге миннетдаршылығын билдирди. Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына жақсы оқып, жоқары оқыў орынларына кириўине тилеклеслик билдирди.

Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары  ҳǝм студент жаслар менен биргеликте концерт бағдарламасы шѳлкемлестирилди ҳǝм байрам саўғалары тапсырылды.

 

Экономика факультети декан орынбасары:   Қ.Нурманов

 

 

Пайдалы дереклер