«ӨЗБЕКСТАН ГИДРОМЕТЕОРОЛОГИЯ ХЫЗМЕТИНИҢ 100 ЖЫЛЛЫҚ» ЮБИЛЕЙИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН ХАЛЫҚАРАЛЫҚ (ОНЛАЙН) ИЛИМИЙ СЕМИНАР

 Усы жылдың 16-апрель күни Берадақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қарақалпақстан Гидрометеорология басқармасы, Санкт Петербург мәмлекетлик университети қоршаған орталықты қорғаў мониторинги ҳәм климатология кафедрасы  менен биргеликте «Өзбекстан Гидрометеорология хызметиниң 100 жыллық» юбилейине бағышланған халықаралық (онлайн) илимий семинар болып өтти.

 Семинарды Қарақалпақстан Гидрометеорология хызметиниң баслығы Айбосын Тажиниязович Кдырниязов ашып берди. Кейин Узгидромет Баспасѳз хызметиниң баслығы Муниса Асилходжаева сѳзге шықты ҳәм барлық қатнасыўшыларға ҳәм семинарды шөлкемлестирген Қарақалпақстан гидрометеорология хызмети қәнигелерине миннетдаршылық билдирди. Соңынан илимий баянатлар тыңланды. Олардан Санкт Петербург мәмлекетлик университети қоршаған орталықты қорғаў мониторинги ҳәм климатология кафедрасы доценти Наталья Александровна Лемешко «Проблема адаптации к изменению климата» деген темада, Қарақалпақстан гидрометеорология басқармасы синоптиги Алтынай Бекмурзаева – «История Каракалпакской Гидромтеорологической службы» деген темада, Берадақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбийий география ҳәм гидрометеорология кафедрасы доценти Султашова Оралхан «Научные работы по направлении гидрометеорологии Узбекистана» темасында,  Қарақалпақстан гидрометеорология басқармасы инженери Сатулла Бабаназаров «Состояние гидропостов в реки Амударьи» темасында илимий баянатлар жасады.

Халықаралық илимий семинарға Гидрометеорология қәнигелиги 1-курс магистрантлары белсене қатнасты. Семинарда Россиялы илимпазға қатнасыўшылар климат өзгериўи бойынша қызықтырған сораўларын берди хәм жуўаплар алды.

Семинарды Экология қәнигелиги 2 -курс магистранты Ренат Султашов алып барды.

 

Пайдалы дереклер