Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл, 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы болыўы керек” деген басламасын мәкан пуқаралар жыйнында әмелге асырыў бойынша Санаат технологиясы факультетинде дүзилген исши топар өз жумысын баслады.
Усы жылдың 19-апрель күни факультетте дүзилген исши топар, факультетке бириктирилген 3-секторға қараслы “Қоскөл” мәҳәлле пуқаралар жыйынлары турғынлары, әсиресе, жаслары менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде “Қоскөл” мәҳәлле пуқаралар жыйында болып, бул жердеги жуўапкер хызметкерлер менен танысып, университет ректоры тәрепинен тастыйықланған “Жол карта” менен МПЖ ўәкиллери таныстырылды ҳәм сол “Жол карта” тийкарында алдағы алып барылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
ϴз гезегинде “Қоскөл” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы жаслар, бәнтлиги тәмийинленбеген, “Жаслар дәптери”, “Хаял-қызлар дәпери” не киргизилген жаслар хаққында мағлыўматлар алынды.


Санаат технологиясы факультети
жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары Ш.Мусиров.