ҚМУ СТУДЕНТИ ЯПОН ТИЛИ БОЙЫНША АЛҒАН БИЛИМЛЕРИН ШЕБЕРЛИК ПЕНЕН КӨРСЕТИП БЕРДИ

Халықаралық тиллер арасында жетекшилик қылыўшы инглис тилин билиў – бүгинги заманагөй әсиримиздеги заманагөй жаслардың ең ағла мақсети ҳәм ең күшли қуралы саналады. Шет тиллерин үйренип, заман менен тең қәдем таслап киятырған зийрек жаслардың бири – Жулдыз Алламуратова. Ол бүгинги күнде университетимиздиң Шет тиллери факультети Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) бағдарының 2–курс студенти.

Инглис тилине қызығыўшылығы бәлент болған Жулдыз 1-курс ўақтында екинши шет тили сыпатында оқытылатуғын япон тилине де өзгеше ықлас қойды. Устазы Сәрбиназ Бердимуратова менен бул тил үстинде изленип, тереңнен үйрене баслады.

Жақында, 17-апрель күни Японияның Өзбекстандағы елшиханасы, Өзбекстандағы япон тили оқытыўшылары жәмийети, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети биригиўинде шөлкемлеcтирилген 29-мәрте өткерилип атырған япон тилинде ораторлық өнери таңлаўында табыслы қатнасып қайтты. Онда Жулдыз “Бахыт” темасында шығып сөйлеп, япон тили бойынша алған билимлерин шеберлик пенен көрсетип берди. Ѳзиниң ораторлығы ҳәм бахыт ҳаққындағы түсиниги менен ҳәммени таң қалдырған ол таңлаў жуўмағында “Ең инталы” номинациясын жеңип алды.

Әлбетте, қаҳарманымыздың бул нәтийжесинде өзиниң интасы ҳәм устазының мийнетлериниң орны салмақлы. Бул таңлаў Жулдыздың япон тили әлеминдеги дәслепки жетискенлиги, яғный туңғыш қәдеми болды. Оған келешекте шет тиллери бағдарында алдына қойған мақсетлерине ерисиўинде талмас күш-жигер ҳәм әўмет тилеп, буннан да үлкен табысларды күтип қаламыз!

 

Динора Бегдуллаева

Шет тиллери факультети

Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) бағдарының

 2–курс студенти

 

Пайдалы дереклер