АВСТРАЛИЯНЫҢ БЕЛГИЛИ ПРОФЕССОРЫ ОНЛАЙН-ЛЕКЦИЯЛАР ӨТПЕКТЕ

Жаңа Қубла Уэльс университетиниң (Сидней, Австралия) профессоры Федор Анатольевич Сукочев усы жылдың 19-апрель сәнесинен баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң зийрек студентлери ҳәм магистрантлары, сондай-ақ, В. И. Романовский атындағы Математика институтының Қарақалпақстан бөлиминиң киши илимий хызметкерлери ушын «Operator θ-Hölder functions» темасында онлайн-лекциялар өтип баслады.

Ф. А. Сукочев – пәнлер аралық қурамалы мәселелерге жаңаша аналитикалық жантасыўларды излеў бойынша дүньяда жетекши қәниге болып есапланады. Оның изертлеўлери квантлық механикадан илҳамланған математика тараўын қамтыйды, бунда коммутативлик өзгериўшилер коммутативлик емеслери менен алмастырылады. Ол бир-бири менен байланыслы, соның менен бирге, ҳәр қыйлы болған тараўлар, яғный коммутативлик емес анализ, коммутативлик емес геометрия ҳәм коммутативлик емес итималлық тараўлары бойынша халықаралық тән алынған эксперт.

Профессор Ф. А. Сукочев Австралия илимлер академиясы, Австралия математикалық жәмийети ҳәм Ханнан медалы комитетиниң ағзасы (Австралия илимлер академиясы), ARC (Australian Research Council) стипендиясының лауреаты, Стильтес профессоры ҳәм DORA (Discovery Excellent Researcher Award, ARC) сыйлығының ийеси. Ол көплеген жетекши халықаралық журналлардың, атап айтқанда, Journal of Functional Analysis, Duke Mathematical Journal, Advances in Mathematics, Mathematische Annalen ҳәм басқа да көплеген математикалық журналлардың рецензенти болды. Ол соның менен бирге ARC, New Zealand’s Marsden Fund and South Africa’s National Research Foundation (NRF) ҳәм Қазақстанның илим ҳәм технологияларды баҳалаў миллий орайы сыяқлы бир қанша миллий ҳәм халық аралық қаржы агентликлериниң шолыўшысы болды.

Ҳәзирги ўақытта Ф. А. Сукочев дүньяда тән алынған билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў орайларының бири болған Жаңа Қубла Уэльс университетиниң профессоры. Абырайлы QS World University Rankings рейтингине сәйкес бул университет дүньядағы ең жақсы 50 жоқары оқыў орынларының дизимине киреди. Ол сондай-ақ Positivity ҳәм Banach Journal of Mathematical Analysis сыяқлы ири халықаралық журналлардың редакциялық кеңесиниң ағзасы есапланады.

Онлайн-лекцияға қатнасыўшылар белгили алым менен коммутативлик емес есаплаўлардың жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы мағлыўматлары менен байытылған нағыз академиялық онлайн байланыстың гүўасы болды.

Бундай онлайн-лекциялар ҳәр дайым тыңлаўшылардың үлкен қызығыўшылығын оятады ҳәм оларға көплеген керекли және пайдалы мағлыўматлар бере алады деген исенимдемиз.

 

 Нуржанов Б. О.

В. И. Романовский атындағы Математика институтының

Қарақалпақстан бөлиминиң үлкен илимий хызметкери.

 

 

Пайдалы дереклер