УНИВЕРСИТЕТТЕ КИШИ ФУТБОЛ МАЙДАНШАСЫ АШЫЛДЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент жаслары  бос ӯақтында спорт пенен шуғылланыӯ ушын шараятлар жаратыӯ мақсетинде   усы жылдың 21-апрель күни университет спорт базасында еки киши футбол майданшасының ашылыӯ мәресими болып өтти.

Ашылыӯ салтанатында университет ректоры А. Реймов сѳзге шығып,  университет жасларының спорт пенен шуғылланыўы ушын университетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятларға тоқтап ѳтип, жасларымыздың бундай ғамхорлық ҳәм мүмкиншиликлерден үнемли пайдаланыўы ҳаққында айтып ѳтти.

Мәресимде университетимиздиң ветеранлары А.Исмайлова ҳәм Р. Казаковлар шығып сөйлеп, жасларымыз усындай жақсы имканиятлардан толық пайдаланып, спортта жоқары нәтийжелерге ерисиӯлерине тилек билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Дене мәденияты ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов қатнасып, университет жасларына  спорт әнжамларын саӯға етти.

 

ҚМУ Баспасѳз хызмети.

Пайдалы дереклер