Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде соңғы ўақытлардағы студент жасларымыздың спорттағы табыслары кѳз куўандырып, Қарақалпақстан спорты тарийхына жаңа табысларды алып кирмекте.
Университетимиздиң Дене мәденияты факультети 2-курс студенти Муртазаева Наргиза усы жылдың 15-18-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында спорттың Карате WKF түри бойынша алтын медаль жеңимпазы болды.
Мағлыўмат орнында: Наргиза Муртазаева Өзбекстан Республикасы Карате Федерациясы ағзасы, спорт устасы, Карате WKF бойынша қара белбеў ийеси.
Университетимиз мақтанышы болған Наргиза Муртазаеваны бул үлкен табысы менен қызғын қутлықлаймыз.


Нурлан Джанходжаев
Дене мәденияты факультети декан орынбасары