Физика – жаңа инновациялар дереги

Физика – тәбият ҳаққындағы улыўма пән; материяның дүзилиси, көриниси ҳәм оның ҳәрекетлери өз-ара тәсирлериниң улыўма қәсийетлерин үйренеди. Физика пәни менен басқа пәнлердиң арасында үлкен байланыс бар.

              Биз жоқарыдағы теоремалар менен мектеп сабақлығында танысқанбыз.  Бул анықламалар арқалы физиканың дәслепки аспектлери үйренилген ҳәм буны күнделик турмысымызда да жийи-жийи ислетемиз.  

Ҳәзирги ўақытта елимизде барлық пәнлер, соның ишинде, анық пәнлерди (физика, математика) раўажландырыў бойынша елеўли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бул бойынша Президентимиздиң 2021-жыл 19-март күнги “Физика тараўындағы тәлим сапасын асырыў ҳәм илимий излениўлерди раўажландырыў ҳаққында»ғы ПҚ-5032-санлы Қарары тастыйықланған еди. Бул қарарда тийкарынан төмендегилер нәзерде тутылды:

Улыўма орта билим бериў мектеплеринде физика пәнин оқытыў сапасын асырыў, сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын жаратыў;

Физика пәни бойынша жаңа кадрларды, сондай-ақ, шетки аўыллардағы оқытыўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжрийбесин асырыў;

Жоқары оқыў орынларында физика пәнлерин оқытыўдың интерактив усылларын пайдаланыў ҳәм тәлим базарында талап жоқары болған қәнийгеликлер бойынша жаңа кадрларды таярлаў сыяқлы бир қанша ўазыйпалар Президентимиз Қарарында көрсетилген.

Өзбекстан анық пәнлер бойынша көп мың жыллық тарийхый тәжирийбеге ийе. Бир неше әсирлер даўамында Өзбекстанда анық ҳәм тәбийий пәнлер раўажланып, Орта Азия бойынша бизиң мәмлекетимиз жетекши орынды ийелейди. Муҳаммед ал-Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Мырза Улығбек, Абу али ибн Сина, Аҳмад ал-Ферғаний ҳәм басқа да алымлар журтымызда биринши ҳәм екинши Ренессанс дәўирин баслап бергени бәршемизге мәлим. Бул инсанлар анық пәнлер бойынша илимий жақтан анализ жумысларын алып барып, бүгинги күни пүткил дүнья жүзине инновациялық методларды алып кирди. Соның арқасында заман да, ҳәтте адамлар да өзгерди. Олардың билим дәрежеси анағурлым дәрежеде өсти.      

Бизлер сол уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорларымыз. Сонлықтан, биз жаслар өтмиштеги ата-бабаларымыздың жетискенликлери менен мақтанып отыра берместен, соған ылайық болып жаңа заманға сай түрде басқа раўажланған мәмлекетлер менен тең адым таслап жасаўымыз керек.

Бүгинги күнде елимизде тарийхтағы бабаларымыздың жолын даўам еттирип, физика ҳәм математика пәнлери бойынша айтарлықтай жетискенликлерге ерисип киятырған жасларымыз жақын келешекте усы пәнлер бойынша үлкен табысларға ерисип, нәтийжеде ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда басланып атырған III Ренессанс дәўириниң элитасына айланады.

 

Турабаев Султанбек Айтмуратович

ҚМУ академиялық лицейи физика

пәни оқытыўшысы.

 

Пайдалы дереклер