ЖАСЛАРҒА ТУЎРЫ ЖОЛ КӨРСЕТЕДИ УСТАЗ

Ҳәзирги ўақытта жасларды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилмекте. Әлбетте, бундай ис илажлар: жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға туўры жол-жоба көрсетиў, оларды туўры жолға бағдарлаў мәмлекеттиң раўажланыўында түртки болары сөзсиз.

     Усындай мәселелерде:  жаслардың мәнаўиятын ҳәм мәдениятын раўажландырыў ҳәм оларды мәденият, көркем өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа кең тартыў, жаслар ортасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў сыяқлы ис илажларда жасларға туўры бағдар берип киятырған инсанлардың бири деп Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Тарийх факультети деканы Саламат Сулаймановты айтсақ асыра айтқан болмаймыз. Себеби, ол студент жаслар арасында илимге бағдарлаў ҳәм қызығыўшылық оятыў, сыяқлы ис илажларда жасларға туўры бағдар бермекте.

      Атап айтқанда; факультетимизде тез-тезден өткерилип турған спорттың футбол, баскетбол, волейбол түрлери бойынша жаслардың физикалық жақтан шынықтырыў мақсетинде  жарыслар ѳткерилмекте.

       Жәнеде факультет студентлери арасында  ҳәр ай сайын  турақлы өткерилип турған «Закаўат», «Иқ Риңг» сыяқлы интеллектуал ойынлардың өткерилиўи, жәнеде айтып өтиўимиз керек, жақында ғана деканымыз С.Сулайманов тапсырмасы менен Президентимиздиң 5 басламасының 4- басламасы «Жаслар мәнәўиятын жоқарылатыў, олар ортасында китапқумарлықты  кеңнен ен жайдырыў бойынша системалы ис илажларды шөлкемлестириў» жойбары тийкарында факультетимиздиң зийрек студентлери тәрепинен факультет көлеминде шөлкемлестирилген Тарийх факультети «Китапқумарлар» клубы өз искерлигин жүритпекте ҳәм өз искерлиги даўамында студент жаслардың талантын жүзеге шығарыў, китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў,  сыяқлы ислер алып барылмақта.

 Әлбетте, бундай ис илажлар өз нәтийжесин берери сөзсиз.

Ҳәр қандай миллеттиң раўажланыўы жәмийеттеги жаслар қатламының туўры бағдар алыўы менен байланыслы болып табылады. Усы сыяқлы устазларымыз жол-жоба көрсетер екен, биз излениўден ҳешқашан шаршамаймыз ҳәм келешекке қарай нық қәдем таслаймыз.

 

 

 

Таңбай Сәрсенбаев

Бердақ атындағы ҚМУ Тарийх факультети

 Археология тәлим бағдары  2-курс студенти.

Университет «Китапқумарлар» клубы жетекшиси.

 

Пайдалы дереклер