МАТЕМАТИКА ФАКУЛЬТЕТИ СТУДЕНТЛЕРИ САЎАПЛЫ ИСЛЕРИ МЕНЕН ҮЛГИ

Қоршаған орталықты абаданластырыў ең жақсы инсаныйлық қәдирият. Ҳәр бир инсанды тәбиятқа бийпәрўа болмаўға шақырыўдың негизинде үлкен мәнис жатыр. Ана тәбият инсан саламатлығы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.

«Тәбиятты қорғаўға үлесимизди қосайық» ураны астында университеттиң математика факультети 1- «д» курс әмелий математика топары студентлери өзлери билим алып атырған университет аймағында тазалаў, көклемзарластырыў ислерине үлес қосып, жасларымызға үлги боларлықтай ислери менен нәтийже көрсетти.

Олар Нөкис қаласы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында тереклер ҳәклеп, нәллер отырғызып, аймақтағы жалғыз жасаўшы пуқараларға үй хәм үй алдындағы егислик жерлерин қайта ислеп, үй сыртларын ҳәклеп, белсендилигин көрсетти.

МПЖ баслығы студентлеримизге миннедаршылығын билдирди. Олар жасы үлкенлерден алғыс алды. Факультет студент жасларынан ибарат екинши топар пайтахтымыздағы «Жуўазшы» МПЖ аймағында қоршаған орталықты ҳәм жап-салмаларды шығындылардан тазалаў, нәл отырғызыў, тереклерди ҳәклеў жумысларын алып барды.

Математика факультети

1-«Д»  курс әмелий математика

студентлери Баймуратов Бегдулла,

 Исмайлов Исламбек.

 

 

 

Пайдалы дереклер