Усы жылдың 26-апрель сәнесинде Республикамыздың ислеп шығарыў санааты тараўларында бар болған машқалаларды шешиўде илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм белгиленген ўазыйпаларға шешим табыў мақсетинде Карақалпақ мәмлекетлик университети Санаат технологиясы факультетинде «Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыў санааты тараўларын раўажландырыўдың заманагөй машқалалары» атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияны университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры – Турдымамбетов Изимбет Рахметович кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл, 16-сентябрдеги ПҚ-4453 санлы “Жеңил санаатты еледе раўажландырыў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўды қоллап- қуўатлаў ис илажлары ҳаққында” ғы ПҚ ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 2019- жыл, 7- июнь күни аймақларда санаатты раўажландырыў, туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларды өзлестирилиўин жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпалар бул тараўда илимий изленислер алып барып атырған илимпазлар алдына үлкен ўазыйпалар жүклегенлигине тоқталып өтти. Ислеп шығарыў санааты тараўларын раўажландырыў тиккелей тәжирийбе, илим ҳәм билим искерлиги менен байланыслы екенин айта отырып, конференция жумысларына табыслар тиледи.

Соӊынан конференцияның ашылыў кешесине ҳәм Пленар мәжилисине катнасып отырған мийманларға сөз берилди ҳәм Устюрт геофизика экспидициясы өндиристи муўапықластырыў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў техникалық бөлими баслығы Реймов Махсет Сейтназарович, Нукус полимер кәрханасы цех баслығы Сапарниязов Одилбек Хасанович, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы ислеп шығарыў кооперациясы №1 филиал қәнийгеси Байымбетов Алламберген Турениязовичлер баянатлар жасады.

Буннан соӊ тийкарғы баянатшылар ӨзР ИА Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты үлкен илимий хызметкери, т.и.д. Гулистан Оразымбетова “Қорақалпоғистон ҳом ашё ресурслари асосида портландцемент клинкерини олиш самарадорлиги” темасында, ҚМУ Санаат технологиясы кафедрасы оқытыўшылары Имаматдин Турманов “Иннавацион тоқымашылық материалларының медицинада қолланылыўы, Ажаргул Мамбетшерипова “Марказдан қочма аппарат конструкциясида қўшимча ҳаво оқими мосламаси жойлашувини асослаш”, Тамара Алламуратова “Совершенствование механизма оттяжки двухфонтурных круглооборотных машин”, Ғулам Алланиязов “Трикотаж тоқымаларын 3d модели арқалы үйрениў; темаларында, ӨзР ИА Улыўма ҳәм орагникалық емес химия институты докторанты Надира Юсупова “Результаты перегонки разбавленного нефтяного шлама” темасында баянатлар жасады.
Конференция қатнасыўшылары тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилди ҳәм тийисли жуўаплар алды. Соӊ конференцияның ашылыў кешеси ҳәм Пленар мәжилиси жуўмақланды.
Буннан соң секция мәжилисин факультет деканы Р.Қурбаниязов алып барды. Конференцияда Санаат технологиясы факультети профессор оқытыўшылары, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистрантлары ҳәмде бакалавр тәлим бағдарларында оқып атырған студент жаслар өз баянатлары менен қатнасты.
Конференцияны өткериўден тийкарғы мақсет, университет профессор оқытыўшылары, магистрантлар ҳәм бакалавр тәлим бағдарларында оқып атырған студент жаслардың алып барып атырған илмий изертлеў жумысларын талқылаў ҳәмде Республикамызда Санаат кәрханаларында келип шығып атырған өндирислик машқалалардың илимий жақтан шешимин табыўға қаратылған илимий изертлеў жумыслары менен танысыўдан ибарат.
Санаат технологиясы факультети
Жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары Ш.Мусиров.
[pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2021/04/ТОПЛАМ-2104-туырланганы.pdf» title=»ТОПЛАМ 21,04 туырланганы»]