СТУДЕНТ-ҚЫЗЛАРДЫҢ «МИЛЛИЙ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙ КИЙИМЛЕР КӨРГИЗБЕСИ»НЕ,  ШЕБЕР ҚЫЗЛАРЫМЫЗДЫҢ ҚОЛ МИЙНЕТЛЕРИНЕ МӘҲӘЛЛЕДЕГИ  ЖАСЫ ҮЛКЕН, ТӘЖИРИЙБЕЛИ  НУРАНЫЙ  АНАЛАРЫМЫЗ ЖОҚАРЫ БАҲА БЕРДИ

Соңғы ўақытларда мәмлекетимизде ҳаял-қызларымыздың жәмийетлик-сиясий  белсендилигин асырыў, олардың  ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў, өнер үйрениўге, кәсипке бағдарлаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында көп ғана ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бизди  қуўандыратуғын бир жағдай – бүгинги күнде, ҳәттекки,  ҳаял-қызлардың кийиниў мәденияты мәселелерине де жоқары шөлкемлер тәрепинен  үлкен итибар қаратылып келинбекте. Буның айқын мысалы, «Өзбекстан Республикасы  Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы   тәрепинен  «Халықтың арасында, айрықша  жаслар  ортасында  кийиниў мәдениятын үгит-нәсиятлаўға қаратылған «Нафосат» фестивалын өткериў бойынша Ис-илажлар режесинде Жоқары оқыў орынлары ушын да бир қанша ўазыйпалар белгиленип берилген.

Жоқары оқыў орынларында  студент қызлардың  кийиниў мәденияты  қағыйдаларына әмел етиўдиң   тийкарғы мақсети – олардың кийиниў мәденияты, оқыў орынларында өзлерин услап-тутыўы,  сыртқы көриниси, жүрис-турысы, әдеп-икрамлық  нызам қағыйдаларға бойсыныўын  тәмийинлеў  арқалы қызларды келешек турмысқа таярлаў,  олардың жәмийеттеги  ролин және де  асырыў болып табылады.

Бул мақсетлеримизге ерисиў ушын биз   миллий қәдириятлар, үрп-әдетлер, миллий  ҳәм заманагөй  кийиниў мәденияты  бағдарындағы  үгит-нәсият илажларын еле де көбирек алып барыўымыз керек. Бул бағдарда университет ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен студент –қызларымыз арасында «Миллий ҳәм заманагөй кийимлер бизиң мақтанышымыз»,                                        «Мәдениятлы кийиниў – әдеплилик белгиси», «Қарақалпақ миллий липаслары», «Өзбек миллий липаслары»  ҳәм т.б. атамаларда кийимлер  көргизбелерин, таңлаўлар, ушырасыўлар  ҳәм сәўбетлесиўлер  өткерилип келинбекте.

Сондай-ақ,   оқыў орынларында шөлкемлестирилип атырған ҳәр бир руйхый-ағартыўшылық илажларда қызлардың  заманагөй қарақалпақ, яки өзбек, яки қазақ, яки  туркмен қызы келбетинде миллий липасларда  шығыўын шөлкемлестирип келмектемиз. Соның менен бирге, мода индустриясы  ўәкиллери, дизайнерлер, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында мода, дизайн бағдарында  талим алып атырған қәбилетли студент қызлар  ортасында  көрик-таңлаўлар өткериў, белгили дизайнер, тигиншилер менен үзликсиз ушырасыўлар өткерип барыўымыз мақсетке муўапық болады.

          Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлектлик университети ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен  Ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпаларды   системалы түрде орынлаў мақсетинде  университет ҳаял-қызлар Кенеси тәрепинен ишки реже ислеп шығылды ҳәм усы тийкарда жыл даўамында   студент  қызлардың кийиниў мәдениятын  үгит-нәсиятлаўға қаратылған  көп ғана әмелий илажлар  өткерилип  келинбекте.

Жақында ғана  23-апрел күни университет Ҳаял-қызлар Кеңеси басламасы менен студент қызлар  арасында «Миллий ҳәм заманагөй кийимлер – мақтанышымыз» деген атамада кийимлер көргизбеси ҳәм де «Шебер қоллар» деп аталған тоқыўшы қызлар көргизбеси шөлкемлестирилди.

Бул көргизбе бизиң ең жақын бирге ислесиўши шөлкемимиз  ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси  «Ҳаяллар қанаты»  менен бирликте өткерилди.

Илажға Нөкис қаласы « Қурылысшы» МПЖда жасаўшы,  белсенди жасы үлкен , устаз-ветеран апларымыз  ҳәм де усы  мәҳәлледеги жәмлеспеген  жас қыз-келиншеклер  мирәт етилди. Бундағы тийкарғы мақсетимиз – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл                 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы” болыўы керек деген басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда Мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жас қызларымызды  жәмийетлик орталыққа тартыў, олардың мәнәўий ҳәм мәдений дүнья қарасын еле де жетилистириўден ибарат .

               Илаж даўамында университет  Ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» жетекши қәнигеси Г.Жумагулова, Нөкис қаласы «Қурылысшы» МПЖ баслығының Шанарақ, ҳаял-қызлар  ҳәм руўхый- әдеп-икрамлық  мәселелери бойынша орынбасары У.Дуримбетова ҳәм де нураный  жасы үлкен аналарымыз сөзге шығып, бул илаж жаслардың мәнәўиятын жетилистириўде, әсиресе жас қызларымыздың әдеп-икрамлы болып  тәрбияланыўында, айрықша олардың кийиниў мәдениятын жетилистириўде, оларды белгили бир кәсипке, өнерге бағдарлаўда  үлкен әҳмийетке  ийе екенлигине кең түрде тоқтап өтти, сондай-ақ студент қызлар тәрепинен таярланған  миллий ҳәм заманагөй кийимлер көргизбеси ҳәм де қол өнери көргизбелерине жоқары баҳа берди.

          Сондай-ақ , илажда университетимиздиң Көркем өнер факультетиниң талантлы жасларының, айрықша дуўтаршы қызлардың атқарған қосықлары  илаж қатнасыўшыларына жоқары көтериңки кейпият бағышлаў менен бирге , илажға айрықша көрик берди.

          Илаж соңында «Миллий ҳәм заманагөй кийимлер –мақтанышымыз» ҳәм «Шебер қоллар» тоқыўшы қызлар көргизбесине белсене қатнасқан  студент қызларымыз Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректортораты ҳәм де ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған Диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.

 

Пайдалы дереклер