Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырып, ѳндирис орынларына бүгинги күн талабына ылайық қәнигелер таярлап бериўди бас мақсет етип алған Экономика факультетинде усы оқыў жылында және бир топар питкериўшилер шығады.
Усы жылдың 26-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетиниӊ 2020/2021-оқыў жылы питкериўшилери менен илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын тәмийнлеў, соныӊ менен бирге питкериўшилерди жумысқа жайластырыў мақсетинде АКБ “Агробанк” «HR» департаменти оқыў бѳлими баслығы Ф.Равшанов ҳәмде АКБ “Агробанк” ҚР басқармасы кадрлар менен ислесиў бѳлими баслығы А.Қурбанова менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўдан тийкарғы мақсет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл, 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў иләжлары ҳаққында»ғы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў болып табылады. Ушырасыў барысында питкериўши студентлер ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды, ушырасыў жуўмағында тараў ўәкиллери питкериўшилерди бирге ислесиўге ҳәмде жумысқа жайласыўында әмелий жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирип ѳтти.
