ИЛИМГЕ ҒАМХОРЛЫҚ

Мениң Нөкисте Назира Янгибаева деген шәкиртим бар еди, соны таныйсыз ба?

– Әлбетте, таныйман. Назира менен көп жылдан берли бирге ислеймиз.

– Мен оның жазған диссертациясын оқып шықтым. Пикирлеримди жазба түрде билдирдим. Жумысы жаман емес. Бирақ еле де ислеңкирейтуғын жерлери бар. Соны кимнен берип жиберсем екен, деп ойлап жүр едим.

– Маған исенсеңиз болады, жумысын Назираның өз қолына апарып тапсыраман.

(2013-жылдың бәҳәр мәўсиминиң соңғы май айында профессор Самихан аға Аширбаев пенен Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткен сәўбеттен үзинди).

Тамара Машарипова: – Сол жылы Нөкис қаласынан бир топар жас оқытыўшылар билимимизди жетилистириў ушын Ташкент қаласына жетип келдик. Профессор-оқытыўшылар ушын арналған үйге жайластық. Ертеңине айтылған ўақытта аудиторияға жыйналдық. Сабақ басланды. Ишкериге саўлатлы бир киси кирип келди. «Аширбаев деген домла усы болады, бул адам күтә қаттықол, бирақ күшли илимпаз деп еситемен» деп сыбырлады қасымда отырған тыңлаўшылардан бири.

«Жүдә мақул, бизге өзи усындай адам керек» деп ишимнен мақуллап қойдым өзимше. Өзбекстанда аты көпшиликке белгили филолог-педагог, диалектолог, филология илимлериниң докторы, профессор Самихан аға Аширбаев  пенен танысыўымыз усылайынша басланды.

Профессор жоқары оқыў орнында студентлер менен бирге профессор-оқытыўшыларға да сабақ берип келеди екен. Солай етип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан барған бир топар жас оқытыўшыларға филология илимлериниң докторы, профессор Самихан аға Аширбаевтың қәнигелик пәнлерди оқытыў мәселелерине арналған лекцияларын тыңлаўға миясар болдық.

          Байқаўымызша, Самихан аға ҳәр бир айтқан сөзине айрықша мәни берип, жуўапкершилик пенен қарайды екен. Тәртип-интизамды жақсы көретуғын сусты басым бул устазды кем-кемнен ҳүрмет ете басладық. Көпшилик қатары питкериў қәнигелик жумысы ушын тема ҳәм илимий басшы таңлаўымызға туўра келгенде мен дәрҳал Самихан ағаны таңладым. «Саған қыйын болыўы мүмкин, ол күтә талапшаң» деди топар басшымыз. Айтқанынша бар екен, «Журналистлик шеберлик» пәнин оқытыў мәселелери» деген темада жумыс жазбақшыман» дегенимде, «Журналистлик шеберлик» («Журналистик маҳорат») емес, ал «Журналист шеберлиги» («Журналист маҳорати») болады» деп дүзетиў берди ол. Ойланып қарасам, бул орынлы дүзетиў еди, соннан берли бул пәнди «Журналист шеберлиги» деп алып ғана қоймастан, кафедрада қандай пән өтилетуғын болса соның атамасына, қандай темада мақала, тезис, оқыў қолланба ямаса монографиялық изертлеў жумысын жазыўда, сондай-ақ, студентлерге усыныс етилетуғын реферат, қурс жумыслары, үйге тапсырмалар беретуғын болсақ, оның темасы яғный атамасына әҳмийет беретуғын болдым. Бул Самихан ағаның маған үйреткен айрықша сабағы деп тән алыўыма толық тийкар бола алады. Әлбетте, усы ўақытқа дейин бир неше жыллық журналистлик практикамда түрли атамаларды қойыўда азлы-көпли табысларға ерискенлигиме қарамастан, илимий, илимий-методикалық жумысларды жазғанда оның атамасын дурыс таңлаў ҳәм жобасын дурыс белгилеў орынланатуғын жумыстың дерлик елиў процентин қурайтуғын шығар. Жүз берген бул ўақыя Самихан ағаның биз сыяқлы көплеген жас филологларға  илимий методологияны үйреткен әдиўли устаз болғанының бир мысалы болса керек.

Назира Янгибаева: – Соннан кейин мен «ХХ әсирдиң 20-жылларындағы тил билими процеси» деген темадағы докторлық диссертациямды (PhD) 2019-жылы июнь айында Қаршы мәмлекетлик университети қасындағы Қәнигелестирилген Кеңесте табыслы жақлап шығыўға еристим. Бул жумыстың орынланыўында Самихан Аширбаевтың илимий басшы сыпатындағы хызметлери айрықша болды. Себеби ҳәр бир диссертациялық жумыстың орынланыўында изертлеўшиге илимий орталықтың, соның ишинде, илимий басшының тәсири болады, әлбетте.

Гәп келгенде айтып өткенимиз мақул шығар, Тамара апа. Қаршыда жақлаў ўақтында тилши-әдебиятшы қәнигелер бизиң жумысымызға жоқары баҳа бериў менен бирге, устазымыз Самихан ағаның шәкиртлерине деген аталарша ғамхорлығына таңланып «Домлангиз жудаям шогирдпарвар устоз эканлар, бундай домлаларни камдан кам учратиш мумкин» деп қайта-қайта айтқан еди. Өйткени, устазымыз тек мен ушын емес, өзи исенген басқа да шәкиртлериниң баслаған жумысынан нәтийже алыўы ушын жыллар даўамында еринбей, төзим, сабыр-тақат пенен басшылық етеди, зәрүр  деп тапса, қорғаў ўақтында да еле «буўыны қатпаған» шәкиртлерин өз ҳалына таслап қоя алмайды. 

Сондай-ақ, устаз көп жыллар даўамында Мәмлекетлик тәлим стандартын таярлаўда қатнасып киятырған республикамызда белгили илимпазлардан есапланады. Сонлықтан да ол өз тараўы бойынша Өзбекстанның барлық жоқары оқыў орынларында Мәмлекетлик тәлим стандартларына сәйкес билим берилиўине жан күйдирип келеди.

Тамара Машарипова: – Назира, Самихан аға менен бизди жақынластырған және бир момент есиме түсип отыр. Ол узақ жыллардан берли «Педагогика» (Педагогик таълим) журналының бас редакторының биринши орынбасары лаўазымын атқарған. Биз болсақ, университетимизде шығатуғын «ҚМУ хабаршысы» журналында хызмет еткенимиз ушын илимий журналды басқарыўда айрықша нелерге кеўил бөлиў туўралы усыныс-пикирлерин инабатқа алғанбыз.

Устаз филологияның көп ғана тараўлары туўралы салмақлы пикирлер билдирип келген. Соның ушын 2017-жылы декабрь айында Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтында  «Публицистика теориясында шығарманың мазмун ҳәм форма мәселелери (Қарақалпақстан Республикасы баспасөзи материаллары мысалында)» темасындағы докторлық диссертациямызға (PhD) cыртқы рецензент сыпатында унамлы пикир билдирген еди. Қәдирли устазымыздың қарақалпақ журналистикасының изертлениў мәселелерине бийпәрўа болмағаны, алым сыпатында кеўлиниң кеңлиги, қымбатлы ўақтын аямайтуғыны, илимге пидайы хызмет ететуғыны деп билемиз.

Назира Янгибаева: – Устаздың турақлы түрде қадағалап, басшылық етиўи нәтийже берди: Қарақалпақстанда басқа мен билген шәкиртлеринен бири ҳәзирги ўақытта НМПИ проректоры лаўазымында ислеп атырған Қуўандық Қәдиров устаздың илимий басшылығында кандидатлық дисертациясын өз ўақтында табыслы жақлап, бүгинлиги докторлық диссертациясы үстинде жумыс алып бармақта. ҚМУ доценти Замира Ибрагимова кандидатлық (2009) ҳәм НМПИ оқытыўшысы Умида Ибрагимова докторлық (PhD) диссертацияларын (2019) табыслы тамамлап, илимий дәрежеге ийе болды. Олар ҳәзирги ўақытта илимий-педагогикалық жумысларын табыслы даўам еттирмекте. З.Ибрагимова Ургенч мәмлекетлик университети қасындағы Қәнигелескен Кеңестиң ағзасы, диалектолог илимпаз сыпатында белгили болмақта.

Тамара Машарипова: – Буны Самихан аға Аширбаевтын Қарақалпақстан илимин маман қәнигелер менен тәмийинлеўдеги айтарлықтай үлеси деп баҳалаў мүмкин. Самихан аға көп тиллерди биледи, еркин сөйлесе алыў менен бирге пикирлей алады. Мысалы, қазақ, парсы, рус, түрк тиллериндеги шығармаларды түп нусқада оқыйды.

Назира Янгибаева: –  Дурыс айтасыз, Тамара апа, Самихан аға  ҳәр түрли миллет ўәкиллеринен шәкиртлер таярлаған, талапшаң, қаттықол болыў менен бирге, олардың ҳәр бирине мийирман, социаллық жағдайларына итибар береди, баҳалы мәсләҳәтлерин аямай, аталарша ғамхорлық  етип келеди.

Филологияның көп тараўларында мийнети сиңген әдиўли устаздың инсаныйлық пазыйлетлери туўралы айта берсек әңгиме көп. Биз шәкиртлери устаз нәсиятларына әмел етип, илимий-педагогикалық жумысларымызда, соның менен бирге, жекке турмысымызда инабатқа алып, өзлеримиз де келешекте шәкиртлер таярлаўда үлги тутамыз.

Тамара Машарипова: – Назира, тек өзбек халқының емес, қарақалпақ халкының да жас изертлеўшилерине удайы ғамхорлық көрсетип киятырған әдиўли устазымыздың мубарек 75 жасқа толған юбилейи менен шын жүрегимизден қутлықлаймыз! Беккем денсаўлық, илимий дөретиўшилигине тасқын табыслар тилеймиз!

Назира Янгибаева: – Ағамыз шәкирт таярлаўда ҳарып-шаршамасын, перзентлери, ақлық-шаўлықларының ардағында жүре берсин!

 

Т.Машарипова – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Журналистика» кафедрасы доценти, фил.и. д. (DSc), tamara_masharipova@mail.ru

 

Н.Янгибаева – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Өзбек тили ҳәм әдебияты» кафедрасы доценти, фил.и.ф.д. (РhD), nazira_73_jahan@mail.ru

 

Пайдалы дереклер