
Математика факультетиниӊ студент жаслары «Мәҳәллениӊ тазалығына өз үлесимди қосаман» жойбары тийкарында бир қатар унамлы ҳәм қайырлы ислерге қол урған. Студент жасларға басшылық етип атырған профессор оқытыўшылар жасларға берген мәсләҳәтлеринде саўаплы ислерди ислеў адамгершиликтиӊ ең бийик пазыйлети екенлигин еслетип турады.

Президентимиздиң “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыў керек деген басламасын университетимиз студент жаслары қоллап-қуўатлап, мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ушын үлги болып, пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж инсанларға да жәрдем қолын созбақта.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультетине бириктирилген “Сәрбиназ” мәкан пуқаралар жыйыны Муқымый көшеси 42/1 жайында жасаўшы Калесникова Валентина Васельевнаныӊ ҳалынан хабар алды. Студентлер оныӊ шаңарағына барып, көклемзарлaстырыў ҳәм aбaдaнлaстырыў ислерин алып барды.
Тоқсан жастан асқан Калесникова Валентина Васельевна мәҳәллениӊ тазалығына өз үлесин қосып атырған жаслардан миннетдар болды.
