Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2021-жыл 13-апрелде «Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўакытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары» на бағышланған видеоселектор мажилисинде «Жокары окыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнәўий орай ҳәм мәденият ошағы болыўы керек» деген басламаны алға сүрген еди. Мине усы басламаны коллап-куўатлаў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздеги барлық Жоқары оқыў орынлары қатары Бердақ атындағы карақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де тийисли жумысларды баслап жиберди. Басламаны Мәкан пукаралар жыйынында әмелге асырыў бойынша «Жол карта» дузилген болып, оған исши топар бириктирилип, олар турақлы түрде өзлерине бириктирилген аймақларда абаданластырыў жумыслары ҳәм қайырқомлық илажларын өткерип келмекте.
Усындай илажлардын бири, 2021 жылы 2 май күни Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси депутаты А.Реймов басшылығында университеттиң Санаат технологиясы факультети жәмәәти менен биргеликте Нөкис каласы 3-секторда жайласқан «Коскөл» МПЖ да болып өтти. Онда аймақта жайласқан кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мутәж, бағыўшысынан айрылған шанарақлар ҳалынан хабар алынып, олардың машқалалары Жоқарғы Кенес депутаты тәрепинен уйренилип, оларга тийисли жәрдемлер көрсетилди. Атап айтканда «Коскөл» МПЖ С.Палуанов көшеси турғынлары К.Маткаримова, А.Базарбаевалардын уйлериниң абаданлығына жәрдем берилди ҳәмде мәҳәлледеги айырым көшелер жабайы шөплерден тазаланды. «Қоскөл» МПЖ баслығы Убайхан Калмуратов пенен биргеликте алдағы ислениўи керек жумыслар келисип алынды.
Илажлар дауам етпекте…



Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети студенти