«Мәрт әскер жасларға үлги»

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Еслеў ҳәм қадирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-иләжлары ҳаққында» ғы 2021 жыл 20-апрельдеги ПҚ-5081 санлы қарары ҳәм оның 1 қосымшасы менен тастыйқланған «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, улыўма халықлық байрамына бағышланған тәдбирлерге таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы» нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жүзесинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Контроллаў режеси ислеп шығылған еди.

Режеде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәминлеў мақсетинде усы жылдыӊ 3-май сәнесинде ҚМУ Санаат технологиясы факультети, Хожели районлық Қорғаныў бөлими ҳәмде Хожели районда жайласқан 15-санлы орта мектепти питкериуши жаслары менен «Мәрт әскер жасларға үлги» атамасында ушырасыў кешесин шөлкемлестирди.

Ушырасыў кешесин мектеп директоры Г.Нурлепесова ашты ҳәм алып барды. Ол дәслеп  өз сөзинде бүгинги ушырасыў мазмуны, мақсети ҳәм ушырасыўға келген мийманлар менен таныстырды. Соӊ Хожели районлық қорғаныў бөлими бөлим баслығы У.Нуржанов созге шығып  жақынласып киятырған «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» улыўма халықлық байрамы менен ушырасыў қатнасыўшылар қутлықлап, миллий армиямыздың пәраўан турмысымыз ушын әҳмийети оның күш қудирети, ҳәр бир инсанның елимиз келешеги ушын Ўатанға садық болыўы, сондай-ақ, Қураллы Күшлеримиздиң қәлиплесиў тарийхына қысқаша нәзер таслап, оны қәлиплестириў жолында әмелге асырылған көлемли жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Бунан соӊ ҚМУ Санаат технологиясы факультети деканы, техника илимлер кандидаты, доцент Р.Қурбаниязов сөзге шығып ушырасыў қатнасыўшыларын байрам мнен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Еслеў ҳәм қадирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-иләжлары ҳаққында» ғы 2021 жыл 20-апрельдеги ПҚ-5081 санлы қарары ҳәм оның 1 қосымшасы менен тастыйқланған «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, улыўма халықлық байрамына бағышланған тәдбирлерге таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы» нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жүзесинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Контроллаў режеси хаққында ушырасыў қатнасыўшыларына кеӊнен түсиник берип өтти, соӊ Санаат технологиясы факультети турмысы менен ҳәмде әскерий хызметти өтеп әскерий усыныснама тийкарында оқып атырған студентлерге жаратылған жеӊилликлер менен танысырды.

Соӊынан ҚМУ Санаат технологиясы факультети жаслар менен ислесиў дойынша декан орынбасары Ш.Мусиров, 15-санлы мектептиң руўхыйлық ислери директор орынбасары Т.Хожамуратова, Миллий дөретиўшилик ислери бойынша директор орынбасары шайыра Г.Реймова өз қосықлары менен, 15-санлы мектептиң жасларды шақырыққа шекем таярлаў пәни баслығы Б.Орақбаев, Миллий Гвардия хызмети 11 айрықша жағдайлар ТҚМ баслығы, аға лейтенант Мухаммед Толепов, ҚМУ Санаат технологиясы факультети 4 курс студенти, факультет жаслар аўқамы жетекшиси Ө.Бектурсыновлар сөзге шығып «Армия – ғәрезсизлигимиз ҳәм еркинлигимиз кепили»  «Мардлар қўриқлайди Ватанни» атамаларында баянатлар жасады.

Ушырасыў соӊыда мектеп оқыўшылары баянатшыларға  өзлерин қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды.

 

Санаат технологиясы факультети

1-курс студенти Эркинов Атамурат

Пайдалы дереклер