Санаат технологиясы факультети профессор оқытыўшылары  студентлер турар жайында болды

 

Усы жылдыӊ 1-май сәнесинде Қаракалпақ мәмлекетлик үниверситетиниӊ 2-санлы студентлер  турар жайында Санаат технологиясы факультетиниӊ студентлер  турар жайларында  «Кафедра күнлери» режесине тийкар факультетиӊ бир қатар прфессор оқытыўшылары студентлер турар жайларында жасап атырған факультет студент жаслары менен ушырасыў откерди.  Ушырасыўда Санаат технологиясы кафедрасы баслығы А.Мамбетшерипова сөзге шығып студент жасларға миллий идеологияға садық етип тәрбиялаў, студент-жаслар арасында хуқықбузарлық, жынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиўге, кийиниў мәденияты, ғалабалық қәўиплер көринислериниӊ жаслар тәрбиясына кери тәсири ҳәм оның алдын алыўға қаратылған ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти ҳәм студетлеге университет ишки тәртип қағыйдаларын және бир мәрте таныстырды

Бунан соң  факультет ҳаял қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси Б.Артықбаева, Санаат технологиясы кафедрасы профессор оқытыўшылары Т.Алламуратова, З.Рейпназарова, Л.Төрениязова ҳәмде педагог тәрбияшысы Д.Ходжалепесовалар сөзге шығып кийиниў мәденияты ҳәм әдеп икрамлылық қағыйдалары хаққында кеңнен тусиниклер берип, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў, студентлердиң сабақ таярлаў, өз үстинде жумыс ислеўи, дем алыўы, спорт, ҳәм басқа дөгерек, клубларға қатнасыўы ушын университетте жаратылған барлық шараятлар (интернет ханалары, спорт секциялары, диспут клублары, дөгереклер, студентлер турар жайындағы шараятлар) ҳаққында мағлыўматлар берилди. Студент-жаслардың бундай имканиятлардан дурыс пайдаланыўлары кереклиги ҳаққында айрықша тоқтап өтилди. Ушырасыў соңында студентлер жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

Санаат технологиясы факультети

2-басқыш студенти Гайыпбаева Динара

 

 

Пайдалы дереклер