Мәмлекетимизде жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Ҳаял-қызлар Кеңеси басламасы менен ҳаял-қызлар Кеңеси жанынан дүзилген «Қол өнери» дөгерегине ағза өнерли студент қызлар арасында «Еӊ шебер тоқыўшы қыз-2021» атамасындағы тоқыўшы қызлар таӊлаўы шөлкемлестирилди.
Таӊлаўдыӊ тийкарғы мақсети Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы” болыўы керек деген басламасын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ Мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жас қызларымызды жәмийетлик орталыққа тартыў, олардың мәнәўий ҳәм мәдений дүнья қарасын еле де жетилистириўден ибарат.
Таӊлаўға Нөкис қаласы «Қурылысшы» МПЖда жасаўшы, белсенди жасы үлкен, устаз-ветеран апларымыз ҳәм де усы мәҳәлледеги жәмлеспеген жас қыз-келиншеклер мирәт етилди.

Бул таӊлаўда ҳәр бир факультеттен еӊ шебер тоқыўшы қызлар қатнасып, белгиленген ўақыт ишинде турмыста үй руўзыгершиликлерине пайдаланылатуғын буйымды жаратып бериў шәрти берилди. Бул шәрт бойынша таӊлаў қатнасыўшылары белгиленген ўақытта өзлериниӊ қол өнери арқалы ислеген буйымларын жаратып берди ҳәм төреши қурамы тәрепинен әдил баҳаланды.
Таӊлаў жуўмағында I-орынды Қурылыс факультети 3-курс студенти Абдирахманова Нилуфар, II-орынды Қурылыс факультети 2-курс студенти Алимбаева Нуршад ҳәм Тарийх факультети 1-курс студенти Сарыбаева Шахнозабану, III-орынды География факультети 1-курс студенти Кайыпбаева Манзура, Санаат технологиясы факультети 2-курс студенти Минсизбаева Жансулыу ҳәм Математика факультети 1-курс студенти Тажибаева Инкар қызларымыздыӊ тоқыған буйымлары ылайық деп табылды.

Соның менен бирге ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен таӊлаўда белсене қатнасқан Архитектура факультети 1-курс студенти Исламова Ирода I-дәрежели диплом, Экономика факультети 3-курс студенти Қунназарова Оразхан II-дәрежели диплом ҳәм Көркем-өнер факультети 1-курс студенти Жеткергенова Улжан III-дәрежели диплом менен сыйлықланды.
Таӊлаў жуўмағында «Еӊ шебер тоқыўшы қыз-2021» атамасындағы тоқыўшы қызлар таӊлаўына белсене қатнасқан студент қызларымызға Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректортораты ҳәм де ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған Диплом сыйлықлары тапсырылды ҳәм Көркем өнер факультетиниң талантлы жаслары тәрепинен шөлкемлестирилген әжайып байрам бағдарламасы қойып берилди.
Қурылыс факультети ҳаял-қызлар кеӊеси баслығы Р.Пахратдинова