Жасы үлкенлерге ҳүрмет-иззет көрсетиў бул халқымыздың ата-бабаларымыздан киятырған үрп-әдет дәстүрлеринен бири есапланады. Қалаберсе, быйылғы жылы да май айы басланыӯы менен Өзбекстан көлеминде 9-май сәнесине бағышланып кең көлемде көплеген илажлар өткерилмекте. Сол мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасын жасы үлкенлерге, кекселерге соның менен бирге, жәрдемге мүтәж болған инсанларға ҳәр тәреплеме ҳүрмет-иззет көрсетиўге, жәрдем қолын созыўға ериксиз ийтермелейди. Әсиресе, бул дәстүр ҳәр байрам қарсаңында кең көлемли түрде әмелге асырылып, байрам күнлери олардың қуўанышларына шерик болып, кеўил-кейпиятларын көтериў жақсы үрдиске айланып бармақта.
9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы мүнәсибети менен 1-май күни Биология факультетинде ушырасыў кешеси болып өтти. Илажды факультет декан орынбасары Ж.Муйнакбаев алып барды. Илаж даўамында Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы б.и.ф.д И.Арепбаев сөзге шығып, усы илажға қатнасып отырған Аўған урысы қатнасыўшысы Онғарбай Туребаевты қутлықлап өтти. Илаж соңында Аўған урысы қатнасыўшысы Онғарбай Туребаев шығып сѳйлеп, сол жаралы жылларды еске алғым келмейди. Урыс оты ҳеш қашан жанбасын. Елмизде тынышлық, парахатшылық ҳүким сүрсин, деп жақсы тилеклерин билдирди. Буннан соң Онғарбай Туребаевқа байрам саўғалары тапсырылды.
Солай етип 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы мүнәсибети менен факультет тәрепинен әмелге асырылған қайырқомлық ҳәм сақаўатлық илажлары жоқары дәрежеде әмелге асырылып барылды. Соның менен бирге келешекте де бундай қайырқомлық жумысларын әмелге асырып барыў бойынша алдыннан анық ис-илажларды еле де жетилистирип барыў белгиленип алынды.
Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,
Биология факультети Жаслар менен
ислесиў бойынша декан орынбасары.

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,
Биология факультети Жаслар менен
ислесиў бойынша декан орынбасары.