2021 жыл 22 май күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD.03/30.01.2020.I.20.06-санлы Илимий кеңес тийкарындағы бир мәртелик илимий кеңесте 08.00.04 – Аўыл хожалығы экономикасы ҳәм 08.00.11-Маркетинг (экономика илимлери) қәнигеликлери бойынша қорғаў университет қасындағы Профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин асырыў ҳәм оларды қайта таярлаў регионаллық орайы мәжилислер ханасында болып өтеди.
Мәжилисте Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң еркин излениўшиси Сарсенбаев Бахитжан Абдулгазиевичтың «Балықшылық тараўы раўажланыўын маркетинг қатнасықлары тийкарында жетилистириў (Қарақалпақстан Республикасы мысалында) » экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD) дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясы қорғаўы талқыланады.