ЖАСЛАРДЫ ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ЗАМАН ТАЛАБЫ

Мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жасларда исбилерменлик ҳәм кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириӯ ушын курсларға тартыў, оларды кәсипке бағдарлаў бағдарында жумыслар алып барылмақта. Бунда ең дәслеп жасларымыздың өзлеринде қызығыӯшылық болса, демек олар өзиниң алдына анық мақсет қоя алады.

Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисинде “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген басламасын әмелге асырыўға қаратылган Экономика факультетине бириктирилген Төрткүл районы “Ота юрт” ҳәм “Пахтобод” мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары, әсиресе, жаслар менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын алып барыў мақсетинде “Экономика” факультетиниң профессор оқытыўшылары, доцент А.Иниятов, А.Айтбаев, Н.Тлеўов ҳәм Б.Қалмуратовлар МПЖ дағы “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”не кирген шаңарақлар перзентлерин исбилерменлик ҳәм кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириӯ ушын курсларға тартып алыў, оларды илим ҳәм кәсипке бағдарлаў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, социаллық шараятын жақсылаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар өткерди.

 

Экономика факультети декан орынбасары:           Қаржаўбай Нурманов

 

 

Пайдалы дереклер