Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў иләжлары» ҳаққындағы Қарарында айрықша атап өтилгениндей мәмлекетимизде быйылғы байрам иләжлары муқаддес рамазан айында «Еслеў бар екен – миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық – инсаный миннет» сүренлери астында өтиўи белгилеп берилди.
Екинши жер жүзилик урысы миллионлаған бийгүнә адамлардың биймезгил өлимине, мисли көрилмеген жоғалтыўлар ҳәм зыянларға себепши болған дүньядағы ең қорқынышлы, қанлы қырғынлардан бири сыпатында инсаният тарийхында мөрленип қалды.
9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан муқаддес ораза айында Тарийх факультети профессор-оқытыўшылар жәмәәти «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы доценти, тарийх илимлериниң кандидаты, нураный устаз Айназар аға Утемисовтың шаңарағынан хабар алыны, устазды байрам менен қутлықлады.
Устазымыз Айназар аға Утемисов ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста болып, устаз өзиниң бар турмыс тәжрийбелерин жасларға үгит- нәсият етип келмекте. Устазға байрам мүнәсибети менен факультет жәәмәтиниң саўғалары тапсырылды.


Зарипбаев Уснатдин
ҚМУ магистранты