ДАҒАЗА!

Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги касындағы жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм үмитли кадрлар таярлаў институты тәрепинен усы жылдың 25 июнында «Жаңа Өзбекстанда жаслар өмири сапасын асырыў: машқала ҳәм шешимлер» темасындағы республикалық илимий-әмелий конференция өткерилиўи режелестирилген.

Конференцияда төмендеги мәселелер;

1-бағдар: Жаслар арасында жәмийетлик-сиясий белсендиликти асырыўдың әҳмийетли мәселелери

2-бағдар: Жаслардың исбилерменлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтликти тәмийнлеў машқалалары

3-бағдар: Жаслар арасында жынаятшылық ҳәм хуқуқбузарлықтың алдын алыў «мәҳәллебай» ислеў системасының орны

4-бағдар: Жаслар арасында шаңарақлық ажырасыӯ ҳәм олардың алдын алыў машқалалары

5-бағдар: Үшинши ренессанс тирегин жаратыўда жасларға тәлим-тәрбия бериў ҳәм оларды кәсип-өнерге бағдарланыўдың әҳмийети.

Илимий-әмелий конференцияны өткериў тәртиби: Конференция 2021- жыл 25-июнь саат 10.00 де өткериледи (Zoom видеобайланыс дәстүри арқалы байланыс ушын силтеме www.yomi.uz сайтында жәрияланады). Онда министрлик, мекеме, түрли шөлкемлерге тийисли қәнигеликлери, Өзбекстан жаслар аўқамы ўәкиллери, жас илимпазлар (докторантлар, өз бетинше излениўши, магистрантлар ҳәм бакалавр басқышындағы)дың қатнасыўы нәзерде тутылған.

Илимий-әмелий конференцияда қатнасыўшылардың илимий мақалалары төмендеги талаплар  тийкарында қабыл етиледи:

  1. Илимий мақалалар конференция бағдарларына байланыслы әҳмийетли темаларда, илимий анализлерге тийкарланып, тамамланған пикирлер тийкарында тийисли усыныс берилген болыўы тийис.
  2. Усынылып атырған илимий мақалалар тараў бойынша жетик қәнийгениң кеминде бир анализи қабыл етиледи.
  3. Илимий мақалалар текстлери анализ етилген түрде А4 көлемдеги қағазға жоқарыдан ҳәм төменнен 2см, шептен 3 см, оңнан 1.5 см орын қалдырып, бир копияда рәсмийлестирилген болыўы керек. Мақаланың атамасы бас ҳәриплер менен жазылып, 1.5 интервалдан кейин автордың толық фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, сондай-ақ лаўазымы яки илимий дәрежеси жазылады (бирге авторлық саны 2 адамнан көп болмаўы тийис), 1 интервалдан кейин шөлкем (жумыс яки оқыў орны) ҳәм қала аты көрсетиледи. Ақырында 1.5 интервал калдырып, текст мазмуны 1.5 интервал қатарларда жазылады.
  4. Тексттиң электрон формасы MS Word дәстүринде, Times New Roman шрифтында, 14 кегел үлкенлигинде болыўы, 3 беттен аз болмаўы ҳәм 7 беттен көп болмаўы керек. Мақалалардың электрон формасы (RTF) ҳәм анализи колы менен сканер етилген (PDF) түрде мақалаға қосымша етип conference@yomi.uz электрон формада ямаса +998901192506, +998901182506 (http://t.me/maqola_yomi) номерине жибериледи
  5. Ссылкалар мақаланың ақырында бериледи, онда әдебияттың авторы, аталыўы, баспасы, баспа жылы, пикир алынған яки тийкарланған бети көрсетиледи, сондай-ақ орнатылған иркилис белгилери дизимге әмел етиледи. Ҳәр бир мақала антиплагиат дәстүринде тексериледи.
  6. Конференцияның рәсмий тиллери: қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис
  7. Конференция ушын материаллар 2021-жыл 25-майға шекем Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги қасындағы жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм үмитли кадрларды таярлаў институтының (Ташкент қаласы, И.Каримов көшеси 45-үй) шөлкемлестириўши комитетке усыныўға болады.

Мақалалардың илимий сапасы бойынша шөлкемлестириўши комитет тәрепинен сайлап алынады. Келтирилген талапларға жуўап бермейтуғын мақалалар баспадан шығарылмайды ҳәм қолжазбасы қайтарылмайды.

Берилген мағлыўматлар ҳәм олардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы, сондай-ақ методикалық тәреплери бойынша автор жуўапкер. Толығырақ мағлыўматларды: +998901192506, +998901182506 телефон номерлери арқалы ала алады.

 

Пайдалы дереклер