9-май «Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни» мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң математика факультетинде өткерилген ушырасыӯға Авган урысы қатнасыӯшысы Төребаев Оңғарбай мирәт етилип, жаслар ушын ҳақыйқый тәрбия сабағы болды.
Еслеӯ – өтмиш пенен бүгинги күнди байланыстырыӯшы көпир делинеди. Басқаша айтқанда, биз қәлбимизде уллы устазларымызды, Ӯатан тынышлығы жолында хызмет еткен инсанлардың мийнетлерин қәстерлеп, асыраӯымыз зәрүр. Жасларда усындай сезимлерди қәлиплестириӯ мақсетинде өткерилген ушырасыӯда усы бағдардағы пикирлер ҳүким сүрди.

Ушырасыӯға мирәт етилген мийманымыз ҳаққында қысқаша мағлыӯматқа тоқтап өтсек, Төребаев Оңғарбай аға 1963-жылы Хожели районында туӯылған. Ол 18 жасынан баслап Ӯатан қорғаӯшылары қатарында армияда хызметте болады. 1981-1983-жыллары авган урысына қатнасқан. Хәзирги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетинде хожалық ислери бойынша хызметкер болып ислеп келмекте.
Ушырасыӯ даӯамында Оңғарбай аға урыс дәӯирлерин еслеп, жасларға тыныш күнлеримиздиң қәдирине жетиӯи кереклигин айтып, мәмлекетимизде бүгинги күндеги кең имканиятлар хаққында өз пикирлерин билдирди. Сәӯбет барысында студент жасларды қызықтырған сораӯларға келген мийманымыз бенен бирге университетимиздиң профессор оқытыӯшылары кеңирек мазмунда жуӯап берип өтти.


Таңирбергенов Махсет,
ҚМУ. Математика факультети жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.