Қалдырған изиң мǝңгилик

Адам баласы өмирге шыр етип келген күннен баслап-ақ талпынып, қанат қағып, мынаў жарық дүньяға, айналасына қарап, жеке  тулға ретинде қǝлиплесип, өмир атлы кемеде тынымсыз жүзетуғынлығы анық. Қарақалпақстандағы қазақ ǝдебиятын изертлеўши алым, тǝжирийбели устаз, қайталанбас тулға  Қайыржан Аралбаев ҳаққында алымлық, дөретиўшилик, устазлықты тең услап, табыслы мийнет етип, абыройға бөленген инсан десек асыра айтқан болмаймыз.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти, ф.и.к. Қайыржан Қайыпберген улы Аралбаев 1946-жылы 24-сентябрьде Мойнақ районына қараслы Үшсай аўылында  туўылған. Мойнақтың шығысында 5-6 шақырым жерде орналасқан «Талдық» деген  аўылда  жети жыллық мектепте  оқып, соң   бурынғы  Сталин  совхозындағы   мектепти питкерген.

1964-жылы Ташкент қаласындағы  Низамий  атындағы педагогикалық институтына оқыўға түсти.  Сол институтта еки жыл оқып,  үшинши жылы  оқыўын Қазақстан Республикасы, Алматы қаласындағы Абай атындағы Қазақ мәмлекетлик  педагогикалық институтына өзгертти ҳәм оны  қызыл диплом менен  питкерди.  1968-1978-жыллары Мойнақ  районына  қараслы  Т.Г.Шевченко атындағы орта мектепте  қазақ  тили ҳәм  әдебияты  пәни оқытыўшысы болып  мийнет жолын баслады.

1978-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң филология факультетине, қазақ филологиясы қәнигелиги бойынша ассистент-оқытыўшы болып жумысқа орналасты. 1990-1996-жыллары  Нөкис  мәмлекетлик  педагогикалық  институтында  жумыс иследи. 

1992-жылы Алматы қаласында Қазақ Миллий Университетиниң Илимий Кеңесинде «И.Есенберлинниң «Көшпендилер» тарийхый трилогиясы» темасы бойынша кандидатлық жумысын табыслы жақлап  шықты. 1996-жылдан бери Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  доцент, 2005-2008-жыллары университеттиң «Түркий филологиясы» кафедрасының   баслығы лаўазымын атқарды, өмириниң ақырына шекем «Қазақ тили ҳǝм ǝдебияты» кафедрасының доценти лаўазымында хызмет етти.

Өзиниң илимий творчестволық мийнетлериниң арқасында  Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстан халық билимлендириӯиниң ағласы деген атаққа ийе болды. Қарақалпақстан  Республикасы  қазақ миллий мәдений орайының басқарма ағзасы ретинде жәмийетлик жумысларға актив  қатнасып отырды.

 Қ.Аралбаевтың илимий-педагогикалық мийнетлери: Т.Қалдыбаев пенен  авторлықта 7-класқа  арналған  «Қазақ ǝдебиеті» оқыўлық хрестоматия (Ташкент, 1998);  проф. Қ.Жумажановтың  илимий  педагогикалық  хызмети  ҳаққында «Азамат, Ұстаз, Ғалым» атлы мийнети (Ташкент, 2008);  «Әдеби дәнекер» (Нөкис,1998); «Жыршы  мерейі» (Нөкис, 1999); «Бесқала өрнектері» (Алматы, 2016) мийнетлери жарық  көрди.

Қарақалпақстандағы қазақ шайырларының дөретиўшилиги, қазақ-қарақалпақ, қазақ-өзбек ǝдебий байланыслары бойынша республикалық ҳǝм сырт еллердиң илимий журналларында мақалаларын баспадан жǝриялады, илимий-теориялық конференцияларда баянатлары менен қатнасты.

Қайыржан  аға шаңарағында өмирлик жолдасы  Масаты апа менен бирге  4 қыз, 2 улды   тәрбиялап, улын  уяға,  қызын қыяға қондырған  ғамқор  әке,  мийрбан  ата бола алды. 

Қ.Аралбаев өзиниң  илимий-педагогикалық мийнети жолында терең билими ҳәм тәжирийбеси, шөлкемлестириўшилик уқыбы менен кәсиплеслери ҳәм шәкиртлериниң  арасында үлкен абыройға ийе болды. Устаз-алымнан  тǝлим-тәрбия алған  шәкиртлери  Республикамызда, сондай-ақ, Қазақстан Республикасында да белгили жоқары оқыў орынларында,  баспасөзде, редакцияларда үлкен  хызметлер  атқарып  келмекте.

   Өмирде өкиниш болмай тура ма?! Ўақыт өз ҳүкимин етеди екен. Ойламаған жерден, алыс Қытайдан шығып пүткил жер жүзине таралған  коронавирус иллетиниң қарамағына илинген ағамыздың қазасы  мыңлаған шәкиртлериниң, кǝсиплеслери менен жора-жолдасларының қабырғасын қайыстырған аўыр қаза болды. Устаздың  аўыр қазасын еситкен  шәкиртлери  «Қайыржан Аралбаев өзи менен бирге қарақалпақ елиндеги қазақ филологиясының тутас бир дәўирин жаўып баратыр» деп өкиниш пенен тилге алады.

Изинде қалған шәкиртлери, кǝсиплеслери  қазақ ǝдебиятының ҳақыйқый жан ашыры, көрнекли алым, қайталанбас тулға  саналы ǝўладқа  қазақ ǝдебиятынан  терең теориялық билим берген алым-устаздың  мәңгилик  өмири келешек әўлад ядында мәңги даўам етиўин тилейди.

Аралбаев Қайыржан Қайыпберген улының жарқын естелиги, келбети кәсиплеслери ҳәм шәкиртлериниң ядында мǝңгилик сақланады.

 

 

 

Қазақ тили ҳǝм ǝдебияты кафедрасы жǝмǝǝти

 

Пайдалы дереклер