Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў иләжлары» ҳаққындағы Қарарында айрықша атап өтилгениндей мәмлекетимизде быйылғы байрам иләжлары муқаддес Рамазан айында «Еслеў бар екен – миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық – инсаный миннет» сүренлери астында өтиўи белгилеп берилди.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усындай жақсы басламалар қоллап-қуӯатланып, бул бағдардағы илажлар ҳәр күни даӯам еттирилип атыр.
Усы жылдың 8-май күни пайтахтымызда елимиздиң уллы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Досназаровтың 125 жыллығына бағышланған “А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы” атамасында республикалық илимий-теориялық конференция басланды,-деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баспасөз хызмети.
Дәслеп Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресими өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, Аллаяр Досназаровтың урпақлары, кеӊ жәмийетшилик ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов ҳәм университеттиң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С.Алауатдиновлар қатнасып, Аллаяр Досназаровтың естелигине ҳүрмет көрсетип, бюстине гүл қойды.



