Усы жылдың 7-май күни Нөкис қалалық ХББне қараслы 33-санлы улыўма билим бериўши мектебинде Өзбекстан Қаҳарманлары И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың туўылғанына 92 жыл толыў мүнәсибети менен «Қарақалпақ әдебиятының сөнбес жулдызлар» атамасында әдебий кеше болып өтти.
Әдебий кешени мектеп директоры С.Инаятова ашып берип, баянатын жыйналғанларға оқып берди. Сондай-ақ қаракалпақ әдебияты кафедрасы асситент оқытыўшысы Т.Орынбаевта өзиниң баянаты менен қатнасты. Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети менен тығыз байланыста бирге ислесип киятырған Нөкис қаласының «Қурылысшы» МПЖ хызметкерлери менен сол аймақта жасаўшы нураный жасы үлкен апалар да мирәт етилип, әдебий кешеде мийманда болды.

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 3-курс студентлери ҳәзирги ўақытта сол мектепте педагогикалық әмелиятын өтеп атырған әмелиятшылар кешениң көркем бөлимин шөлкемлестириўде белсендилик көрсетти.
Кеше соңында көркем бөлимге белсенди қатнасқан мектеп оқыўшыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.


З.Жуманов – Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары