Қәдирли устаз ҳәм белгили илимпаз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген илим ғайраткери, Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, физика-математика илимлериниӊ кандидаты, профессор Аманбай Отаров 2020-жылдың 16-октябрь кни 81 жасында қайтыс болды.
1939– жылы 10–май күни ҳәзирги Қанлыкөл районыныӊ «Киндик өзек» дийқан фермер хожалығыныӊ аймағында колхозшы-дийқан шаӊарағында дүньяға келеди. Ол дәслеп Жданов атындағы колхоздыӊ сорамындағы жети жыллық мектепте оқыған, соӊын ала 8-9- классларда Шоманай районындағы Менделеев атындағы орта мектепте даўамлаған. А.Отаров 10- классты Жданов колхозына қоӊсылас «1-май» колхозыныӊ орайындағы М.В.Ломоносов атындағы орта мектепти айрықша баҳаларға тамамлаған. Орта мектепти табыслы тамамлағаннан соӊ, сол ўақыттыӊ дәўир талабына көре өндиристе еки жыл жумыс ислеген. 1958-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетиниң «Математика ҳәм сызыў» қәнигелигине оқыўға кирип, оны 1963-жылы табыслы тамамлады. Ол институтты питкергеннен соӊ, дәслебинде ҳәзирги Қанлыкөл районындағы жаӊадан ашылған «Алтын көл» атындағы сегиз жыллық мектебинде математика ҳәм сызыў пәни бойынша оқытыўшы лаўазымында өзиниӊ педагогикалық мийнет жолын баслайды. Буннан соң 1964-1965 жыллары усы институттың улыўма математика кафедрасында оқытыўшы болып жумыс иследи. 1966-1968 жыллары Киев университетиниң Кибернетика факультетиниң «Есаплаў математикасы» кафедрасында илимий-изертлеўши болды. 1968-1971 жыллары сол жерде аспирантурада оқыды. Аспирантураны тамамлағаннан соң Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалының тәбийғый илимлер Комплексли институтында киши илимий хызметкер лаўазымында иследи, 1974-жылы 8-январь күни Киев университетиниң Кибернетика факультетиниң қәнигелестирилген Илимий Кеңесиниң мәжилисинде 01.01.07-«Есаплаў математикасы» қәнигелиги бойынша кандидатлық диссертация жақлап, математика илиминиң бул тараўы бойынша Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болды.
А.Отаров 1974-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының улыўма математика кафедрасында дәслеп аға оқытыўшы, соңынан доцент лаўазымларында жумыс иследи. Оның басламасы менен 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетинде «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди ҳәм ол сол кафедраныӊ биринши баслығы болды. Ол 1976-1987-жыллар ҳәм 1992-2000 жыллар аралығында яғный 20 жылдан асламырақ ўақытта усы кафедраға басшылық етеди.
А.Отаровқа 1983-жылы доцент илимий атағы, ал 1992-жылы «Есаплаў математикасы» кафедрасы профессоры илимий атағы берилди. Ол 1989-1995 жыллары университеттиң илимий ислери бойынша проректоры, ал 1995-1997 жыллары университеттиң экономика ҳәм математика факультетлериниң деканы лаўазымларында жумыс иследи.
Профессор А.Отаров университеттиң илимий ислери бойынша проректоры лаўазымында жумыс ислеген дәўиринде илимий-изертлеў жумысларының тез пәт пенен раўажланыўына, олардың көлеминиң кеңейиўине ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды көплеп таярлаў жумысларына салмақлы үлес қосты. Оның басламасы ҳәм тынбай ҳәрекет етиўиниң нәтийжесинде университетте 1992-жылы Қарақалпақ филологиясы бойынша кандидатлық диссертация, ал 1993-жылы докторлық диссертация жақлайтуғын Қәнигелестирилген Илимий Кеңеслер ашылды. Бул Қарақалпақстан илиминиң тарийхында ең ири ўақыялардың бири болды. Ол университетте аспирантураны кеңейтиў ушын тынымсыз мийнет етти. Нәтийжеде 1993-1994 жыллары университетте математика, физика, химия, биология, экономика илимлериниң көплеген тараўлары бойынша аспирантура ашылды.
А.Отаров – өзиниң есаплаў математикасы тараўындағы көп санлы фундаменталь илимий мийнетлери менен илимий жәмийетшиликте аты белгили илимпаз. Ол 200 ден аслам илимий мақалалардың, Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлықлар ҳәм оқыў әдебиятларының авторы.
Профессор А. Отаровтыӊ шәкиртлери менен бирликте жәриялаған «Есаплаў усыллары» сабақлығы (I-бөлим, Нөкис, Билим, 2001) – 2002-жылы, «Әмелий информатиканың тийкарлары» оқыў қолланбасы (Нөкис, Билим, 2003) – 2006-жылы, «Есаплаў усыллары» сабақлығы (II –бөлим, Нөкис, Билим, 2006) – 2009-жылы, Өзбекстан көлеминде ҳәр жылы жоқары оқыў орынлары арасында өткерилетуғын «Жылдың ең жақсы сабақлығының ҳәм оқыў әдебиятының авторы» таңлаўында жеңимпаз болып, авторлар арнаўлы дипломлар ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланды.
Профессор А.Отаров булардан басқа да көп санлы оқыў әдебиятларын жаратты: «Сызықлы емес программаластырыў мәселелерин шешиў усыллары» (Нөкис, Билим, 2009), «Экстремаллық мәселелер ҳаққында» (Нөкис, Билим, 2014), «Арнаўлы дүзилистеги гейпара оптимизациялаў мәселелерин шешиў усыллары» (Нөкис, Қарақалпақстан, 2015), «Есаплаў қәтеликлериниң теориясы ҳәм әмелиятына кирисиў» (Нөкис, Қарақалпақстан, 2016), толықтырылып ҳәм қайта исленген «Есаплаў усыллары» сабақлығы (I-бөлим, Нөкис, Билим, 2019).
А.Отаров улыўма билим беретуғын мектеплерге ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған «Информатика ҳәм есаплаў техникасының тийкарлары», «Информатиканың ҳәм есаплаў техникасының тийкарларын үйрениў» ҳ.т.б. көплеген оқыў қуралларын орыс ҳәм өзбек тиллеринен қарақалпақ тилине аўдарып, Қарақалпақстанда халық билимлендириў системасының раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты. Ол орта арнаўлы оқыў орынларының оқытыўшыларына арнап «Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң математика курсында интеграл түсинигин киргизиў ҳәм қолланыў мәселелери» атамасындағы методикалық қолланбасын жәриялады (Нөкис: Билим, 2002).
Профессор А.Отаров илимий-педагогикалық хызметлери менен бир қатарда, математика факультетиниң ҳәм университеттиң жәмийетлик турмысына белсене қатнасты. Ол 1976-1978 жыллары жәмийетлик басламада университеттиң есаплаў орайының директоры, 1984-1985 жыллары университеттиң ишки қадағалаў бойынша шөлкемлестириў-методикалық комиссиясының баслығы, университеттиң профессор-оқытыўшыларын сайлаў ҳәм қайта сайлаў бойынша таңлаў комиссиясының ағзасы, университеттиң физика-математика илимлери бойынша проблемалық-координациялық Кеңеси баслығының орынбасары болды.
«Мийнет қылған елде азиз» дегениндей, омирин илим панге бахш еткен мийнеткеш алымныӊ мийнетлери зая кетпеди. Ол ҳамийше ҳадал ислегени себепли туӯры маниде ел-журт ҳурмет итибарына еристи. Профессор А.Отаровтың көп жыллық жемисли илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып, ол Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң бир неше ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ал, 1993-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери», «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы», «Ардақлы нураний» ҳәм Ғәрезсизлигимиздыӊ 29 жыллығы қарсысында болса I дарежели «Меҳнат фахриси» деген ҳурметли атақлары берилди.
Устаз Аманбай Отаров университеттиң «Әмелий математика» кафедрасында профессор лаўазымында жумыс ислеп келген. Бай тәжирийбеге ҳәм фундаменталь билимге ийе болған зәбердес устаздың ҳәм алымның өмир жолы, жумыс тәжирийбеси, оның ис усылындағы ҳадаллық ҳәм пәклик, пухталық ҳәм жаңалыққа умытылыўшылық, талапшаңлық ҳәм кишипейиллик пазыйлетлери жасларға бәрқулла үлги болып келген.
Устаздың жолын бүгинги күнде перзентлери А.Отаров, ф-м.и.к. доц. Ж.Отарова, т.и.к. доц Ш.Ешмуратов ҳәм көплеген шәкиртлери (ф-м.и.д., проф. Н.Утеулиев, ф-м.и.д., доц. Д.Утебаев, ф-м.и.к., доц.Ш.Бурханов, ф-м.и.к., доц. Ж.Алланазаров, ф-м.и.к. доц., Р.Мустафаева ҳ.т.б) даўам етпекте
Ҳақ кеўил, кишипейил инсан, әдиўли устаз профессор А. Отаровтың жарқын естелиги бизлердиӊ ядымызда узақ сақланып қалады.
Әмелий математика ҳәм информатика кафедрасы баслығы Д.Утебаев
Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары кафедрасы баслығы Б.Самандаров