Хабарыӊыз бар, ҳәр жылы факультетимиздиң питкериўши курс студентлери өндирислик кәрханаларға диплом алды практикаларына жибериледи. Быйылғы оқыў жылында да питкериўши курс студент жаслары өндирислик кәрханаларында диплом алды практикаларын өтемекте. Атап айтқанда Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы тәлим бағдарын питкериўши курс студентлери 2021-жыл апрель айыныӊ 19-сәнесинен май айыныӊ 8-сәнелери аралығында ЖШЖ «Uz–kor Gas Chemical», ЖШЖ «Шортан газ химия коплекси», ЖШЖ «Мубарек газди қайта ислеў заводы», ЖШЖ «Бухара нефтти қайта ислеў заводы» сыяқлы ири өндирислик кәрханаларында, Жеӊил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы (тоқыма) тәлим бағдарын питкериўши курс студентлери усы жылдың май айыныӊ 3-сәнесинен баслап 15 – сәнеси аралығында «Nukus Textile» МЧЖ, «Бўстон мега тестиль» ЖШЖ, «SHOMANAY EKO TEKS» ЖШЖ, «KANTEKS» ЖШЖ өндирислик кәрханаларында, Технологиялық машина ҳәм үскенелер тәлим бағдарын питкериӯши курс студентлери болса 2021-жыл апрель айыныӊ 19-сәнесинен май айыныӊ 8-сәнелери аралығында ЖШЖ «Қоӊырат сода заводы» өндирислик кәрханасында диплом алды практикаларын өтемекте.
Студент жаслар бул өндирислик кәрханаларында оқыў дәўиринде алған теориялық билимлерин әмелде сынап көриў ҳәм өним ислеп шығарыўдың технологиялық процесслери менен әмелде танысыў имканиятларына ийе болмақта. Практика дәўиринде студент жасларға факультетимиздиӊ бир қатар профессор оқытыўшылары басшылық етпекте.



Санаат технологиясы факультети
жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары Ш.Мусиров